Қарақалпақ филологиясы – халқымыздың руўхый байлығын изертлеўши әҳмийетли тараў

181

Өзбекстан  Республикасы  Жоқары  билимлендириў,  илим  ҳәм  инновациялар  министрлигиниң 2024-жыл  27-декабрьдеги  қарары  менен  Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 90 жыллығына бағышланып Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик  университетинде 2025-жыл  28-ноябрь  күни  «Ҳәзирги қарақалпақ  филологиясының  әҳмийетли  мәселелери» атамасында халықаралық илимий-теориялық конференция өткерилиўи белгиленген. Биз университеттиң Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң деканы, филология илимлериниң докторы, профессор Қонақбай Турдыбаев пенен сәўбетлесип, конференция алдынан алып барылып атырған таярлық жумыслары, өткерилиў тәртиби ҳәм бағдарламасы ҳаққында пикирлери менен бөлискен едик.

– Қарақалпақ тилиниң тил болып қәлиплесиўи узақ өтмишке барып тақалады. «Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай, бул күнлерге жеткениңе қайылман», деп уллы шайыр И.Юсупов айтқанындай, ана тилимиздиң сонша белеслерден асып, бул күнлерге жетип келиўи де өз-өзинен болған емес. Оны сап, таза ҳалында сақлаў ҳәм келешек әўладқа мийрас етип қалдырыў ҳәр биримиздиң миннетли ўазыйпамыз есапланады. Бул тил арқалы әдебият раўажланды, тарийх жазылды, қашадан-қанша илимий мийнетлер исленди, ең тийкарғысы бизди айдын келешекке жетелейтуғын ана тилимизде жаңлаған Ана ҳәййиўи қәлбимиздиң  төринде  өмирлик азық болып мөрленип қалмақта.

Быйыл Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты  қәнигелигиниң шөлкемлестирлгенине 90 жыл толмақта. Тарийх ушын бул жыллар қысқа ўақыттай болыўы мүмкин, бирақ усы жыллар  ишинде  факультет  тəрепинен исленген  жумыслар,  илимий  ашылыўлар,  қарақалпақ  филологиясының  раўажланыўына  негиз  болған фундаментал  мийнетлер  жаратылды.  Бунда  усы  уллы  орайда  ислеген ҳəр  бир  профессор- оқытыўшының мийнети  салмақлы.  Қарақалпақ  тили ҳəм əдебияты  илим  болып  қəлиплескенли 280 нен аслам илимий диссертациялар  қорғалған  болса,  соннан  60  қа  жақын  илим   докторлары, 220  дан  аслам  илим  кандидатлары ҳəм  филология  илимлери  бойынша философия  докторлары  жетилисип шықты.

Қарақалпақ  филологиясы  –  халықтың  руўхый байлығын,  тили  ҳəм əдебиятының əсирлер даўамында  қəлиплесип,  раўажланған  бай мийрасын  илимий  тийкарда  үйренетуғын əҳмийетли  бағдар.  Ҳəр  бир  халықтың  мə-дений  раўажланыўында  өзиниң  миллий филологиясы  айрықша  орын  тутады. Усы мəнисте, факультет тек ғана тил билими ҳəм əдебияттаныў тараўында маман кадрлар таярлайтуғын дəргай емес,  ал  қарақалпақ  халқының  ой-пикири, руўхый дүньясы ҳəм əдебий мийрасын  изертлеў  орайы  болып есапланады.

Қарақалпақ  тил  билими  қəнигелери  ҳəм əдебиятшыларының  да дəслепки  сағасы  қарақалпақ  филологиясы  факультетинен  басланғанлығын  тарийх  тастыйықлайды.  Ҳəр қыйлы дəўирлерде факультеттиң аты өзгерип  турған  болса  да,  қарақалпақ əдебиятшылары ҳəм тил билими қəнигелерин  маман  кадр  сыпатында жетистирип  шығарыўдай  уллы  мақсет жолында факультет жəмəəти бәрқулла аўызбиршилик пенен келешекке қәдем таслап барды.

Қарақалпақ  филологиясының түрли  бағдарларының  раўажланыўына  салмақлы  үлес  қосқан  белгили  илимпазлар  Н.Дəўқараев, М.Нурмухамедов,  С.Ахметов, Н.Баскаков,  Д.Насыров,  Х.Ҳəмидов ҳəм  т.б.  тийкар  салған  қарақалпақ филологлары  мектеби  жыллар өткен  сайын  қатарын  толықтырып, раўажланып  барды.  Факультет  есиги  илимге  қуштар,  озық  ойлы,  еркин пикирлеўши  жаслар  ушын  бəрқулла ашық  болды.  Дəўириниң  көрнекли жазыўшы  ҳəм  шайырлары  усы  есиктен  дəслепки  қəдемин  таслап,  өз дөретиўшилигиниң  шыңына  жетисти.  Мəселен,  халқымыздың  сүйикли перзенти  –  Өзбекстан  Қаҳарманы Ибрайым  Юсупов  биз  билим  алып атырған  аудиторияларда  оқыған,  өз дөретиўшилигиниң  дəслепки  жолларын усы жерде баслаған. Бул ҳаққында  факультетимизге  келип, əдебий  кешелерде  студентлер  менен ушырасыўларында  сөз  еткен  еди. Сондай-ақ, əдебият  бойынша  жасларға өз мəслəҳəтлерин бергенлиги қандай тəкирарланбас естеликлер…

ϴткен  жыллар  хронологиясына нǝзер  салсақ,  факультет  қурамында өзбек,  қазақ,  түркмен  филологиясы тəлим  бағдарлары  бойынша  бакалаврлар  таярлайтуғын  кафедралардың  да  жумыс  алып  барғанлығының гүўасы боламыз. Бул «кейс» факультет тарийхында мǝденияты, тили, ǝдебияты,  үрп-ǝдетлери  өз  ара  жақын болған  түркий  халықлардың  дослық, туўысқанлық  қатнасықлары  еле  де беккем  болғанлығынан  дерек  береди. Демек, факультет тек ғана билим, илим  ошағы  болып  қоймастан, ал миллетлераралық  дослық  гүлшанына  айланғанлығын  мақтаныш   етсек болады.

Қарақалпақ  филологиясының 90  жыллығы  мүнəсибети  менен шөлкемлестирилген  илажлар  менен  халықаралық  конференцияның қарақалпақ  тилине  мəмлекетлик  тил  бийлиги берилгениниң 36 жыллығы мүнəсибети  менен  өткерилип  атырған  байрам  илажларына  уласып  ке-тиўинде де үлкен мəни бар деп есаплайман. Қарақалпақ  тили  ҳəм əдебияты қəнигелиги  тарийхы  –  бул  өз-өзинен пайда  болған  ўақыя  емес.  Ол халқымыздың  əсирлер  даўамында сөзге,  илимге  ҳəм  ҳақыйқатқа  болған  муҳаббатынан,  ағартыўшылық жолындағы  шексиз  умтылысынан  жаралған.  Факультетте  өткен  алтын  дəўир студентлик  жыллардың қуўанышлары  ҳəм  машақатлы  асырымлары  ҳеш  қашан  умытылмайды. Бул  жерде  билимлендириў  –  ағартыўшылық  пенен  бирге  ҳəр  бир  жас дос арттырыў өнерин де ийелейди.

Усы  жылдың  ноябрь айының 28 ши сәнесинде  университетте  «Ҳəзирги қарақалпақ  филологиясының  əҳмийетли  мəселелери  (қарақалпақ тили  ҳəм əдебияты  қəнигелигиниң 90  жыллығына  арналады)»  атамасындағы  халықаралық  илимий-теориялық  конференцияның  өткерилиўи  белгиленген.  Онда  Түркия, Әзербайжан, қоңсы Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан, Тәжикстан ҳәм басқа да мәмлекетлерден илимпазлар  қатнасыўы күтилмекте.   Жергиликли  илимпазлар сырт елден келген мийманлар менен биргеликте бүгинги күнниң актуал мǝселелерин ортаға  таслап,  илимий  машқалаларға  шешимлер  табады.  Илимий бǝсеки  ҳǝм  идеялар  субстанциясына  айланажақ  халықаралық  илаж шеңберинде  дөретиўшилик  булағы көзлерин  ашыўға  хызмет  ететуғын таңлаўлар,  ǝжайып  көргизбелер  ҳǝм музыкалық бағдарламалардың өтиўи  нǝзерде тутылған. Атап айтқанда конференция барысында «Илҳам ҳәм сөз қүдирети» таңлаўынының «Ең жақсы поэзиялық дөретпе», «Ең жақсы эссе», «Ең жақсы мақала», «Ең жақсы видеоролик», «Ең жақсы сүўретлеў өнери» номинациялары бойынша анықланған жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланады.  Сондай-ақ, конференция алдынан «Билим»  баспасынан «Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигине 90 жыл» атамасында китап баспадан шығарылды. Бул  китап  тек  ғана  бир  факультеттиң  тарийхы  ҳаққында емес,  ал  пүткил  бир  халықтың  руўхый  раўажланыў  жолы ҳаққындағы  хронологиялық  ҳәм  руўхый  естеликти  өзинде жәмлеген.  Онда  факультеттиң  қалай  дүзилгени,  қǝлиплесиў басқышлары ҳǝм раўажланыўы  архив материаллары,  тарийхый дереклер  ҳǝм  басқа  қолжазба  мағлыўматлар  тийкарында  сөз етиледи.

Усы  пурсаттан  пайдаланып,  илим зыялылары, студент-жаслар ҳǝм қат-насыў  нийетинде  болған  бǝршени ǝмелият  ҳǝм  теорияның  үйлесимлигинде   өткерилетуғын  конференцияда белсендилик көрсетиўге шақырып қаламыз.

                                                                       Жазып алған: Г.Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги