Тахтакөпирде халықаралық этно-мәдений фестивалы өткерилди

90

Тахтакөпир районының «Белтаў» елатындағы «Тах-төбе» этно аўылында халықаралық этно-мәдений фестивальдың ашылыў салтанаты өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық жыйналғанларды фестивальдың ашылыўы менен қутлықлады.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қазақстан Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов қатнасты.

Атап өтилгениндей, бизиң үлкемизде әсирлер даўамында түрли миллет ўәкиллери өз-ара аўызбиршилик пенен бир халық болып, елимиздиң ҳәр тәреплеме гүллеп- раўажланыўына өзлериниң мүнәсип үлесин қосып келмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша шығарған арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында, республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Белтаў аўыл пуқаралар жыйынында да кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып, бүгин бул елат шын мәнисинде жаңаша келбетке ийе болды. Әсиресе, усы пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан Бөршитаўдың бийик шыңына қурылған, халқымыздың өтмишиминен дерек бериўши, миллийлигимизди өзинде жәмлеген «Тах-төбе» этно-аўылы аймаққа және де өзгеше сән ҳәм шырай бағышламақта. Соның ишинде, елимиздиң көплеген аймақлары ҳәм сырт еллерден қатнасқан бул өткерилген этно-мәдений фестивальдың да әйне усы орында өткерилгенлигинде терең мазмун бар.

Себеби, бул жерде шөлкемлестирилген 70 Қара үй елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң өзлигин сәўлелендирип турған болса, қоңсы аўыл көринисин өзинде жәмлеген 16 Пахса үйлер арқалы ата-бабаларымыздың жасаў шараятлары менен жақыннан танысыў имканиятына ийе боламыз.

Өткерилген фестиваль шеңберинде шөлкемлестирилген түрли илажлар, туўысқан халықлардың миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин өзинде жәмлеген түрде сахналастырылған көринислер, миллий аяқ ойын ҳәм қосықлар атқарылыўы, халқымыздың миллий спорт ойынлары, бақсы ҳәм жыраўлардың әжайып шығыўлары илаж қатнасыўшыларының кеўиллерин көтерип, оларға өзгеше заўық бағышлады.

Қулласы, жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген фестиваль сырт елден келген мийманлар ҳәм халқымызда умытылмас тәсирлер қалдырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги