Қустың да уясы бузылмасын

Халқымыздың санасы әзелден дөретиўшилик идеялары менен тойынған. Басқаларға зыян жеткериўден тыйылыў да миллетимиз ағартыўшылығына тән қәсийет. Соның ушын, “Қустың да уясы бузылмасын” дейди даналарымыз. Бирақ, соңғы ўақытлары шаңарақ деп аталыўшы муқаддес байланыстың қәдирине бираз зыян тийген сыяқлы көринис оятпақта.
Мағлыўмат орнында айтыў мүмкин, усы жылы 50 мың неке дизимге алынған болса, соннан 30 мыңы ажырасыўға арза берген. Тилекке қарсы, олардың тийкарғы бөлеги пикирин өзгертпеген. Буны киши ҳәм түсиникли санларда аңлатсақ, 10 шаңарақтан алтаўы ажыраспақта, дегени. Буның себеплери үйренилсе, дерлик ҳеш бири бул муқаддес байланыстың салмағынан үстин емес.
Сыр емес, надурыс қарарларға алып келетуғын ең тийкарғы фактор илимсизлик болып есапланады. Солай екен, шаңарақ босағасына қәдем таслаў алдында болған жаслар ушын шаңарақ мектеплери шөлкемлестирилиўи зәрүр, пикиримизше. Бунда олардың мәнаўиятын жоқарылатыў, бул муқаддес байланыстың салмағы, жуўапкершилиги ҳәм абзаллықлары ҳаққында жәмийетте үлги болып атырған илим адамларынан сабақлар алыўы пайдалы фактор болып хызмет ететуғыны сөзсиз.
Илимпазларымыздың изертлеўлерине бола, өзбекстанлыларда дүньяда белгисиз болған онлаған ген өзгерислери анықланды. Бунда нәсил қуўыўшылықтың орны әҳмийетли екенлиги атап өтилип, туўысқанлар арасындағы некениң қәўипли екенлиги айтылған.
Көринип турғанындай, шаңарақлардың ерте бузылыўына, перзентлердиң нуқсанлы туўылыўына туўысқанлар менен орнатылған неке де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бундай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Ҳүкиметтиң белгили нызамларына бойсынбаған халық қатламына мүнәсип ҳәм сөзсиз жаза қолланыў керек пе екен, деген жуўмаққа да келеди, адам.
Қалаберди, ерте турмыс та гүресип киятырған ең қәўипли иллет болып есапланады.
Той ҳәм усы сыяқлы мәресимлерди өткериўди тәртипке салыў, жаслардың санасына шаңарақ деп аталатуғын әзиз дәргайдың салмағын сиңдириў жолында үлкен ҳәрекетлер алып барылып атырғанын атап өтиў керек. Бәлким беккем ҳәм абадан шаңарақлар көбейип, ажырасыўлар саны азайса!?
Шербек Исламов,
ӨзА