Инсан мудамы музыка менен үнлес жасайды

181

Инсан туўылғаннан-ақ, тиккелей музыка менен үнлес жасайды. Барлықтың бар сулыўлығы, кеўилдиң нәзик тарларынан таралатуғын қайғылы ямаса шадлы сеслер ана ҳәййиўинде жәмленип, оның руўхына қосық болып сиңеди. Мүмкин соның ушын да үлкейген сайын адам қосықлар менен үлкейетуғындай.

Қәнигелердиң мәлим етиўинше, музыкаға болған талап адамда тәбийғый түрде қәлиплеседи. Себеби, жүректиң соғыў өлшеми де музыканың бир көриниси, негизинде. Сол себепли адам музыка тыңлағанда қан айланыў системасы жақсыланады.

Егер музыка темпи жүрек урыўынан сезилерли дәрежеде жоқары болса, бул тыңлаўшыға унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Оның илим сыпатында қәлиплесиўи узақ тарийхқа барып тақалады. Бизиң энциклопедист илимпазларымыз да оның раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Атап айтқанда, Ибн Сино, Фарабий усылар қатарынан. Ҳәтте шах ҳәм шайыр Заҳириддин Муҳаммед Бабур да музыкаға тийисли шығарма жаратқан.

Заманлар арқалы ол да раўажланып келмекте. Бирақ, бүгинги күнде өзбек музыкасында әдеўир сапасыз шығармалардың көбейип атырғаны ашынарлы жағдай. Буған тараўда терең билимге ийе болмаў, талантты мийнет пенен және де раўажландырмаў себеп десек, алжаспаған боламыз.

Атақлылыққа умтылыў ақыбетинде атқарыў шеберлиги, композитор потенциалына емес, ал технологияға сүйенилмекте. Ҳәттеки, жасалма интеллект жәрдеминде жаратылған қосықлар да кең жәмийетшиликке усынылмақта. Әлбетте, булар көркем шығармалар деўге арзымайды. Бул әлбетте, трагедия.

Бирақ өзбек миллий музыкасына муҳаббаты               күшли, оның сырларын устазлардан басқышпа-басқыш үйренип киятырған дөретиўшилер де көп. Бул болса қуўанышлы жағдай. Бизге белгили, саз ҳәм сөзди бир ноқатта тутастыра алған дөретиўши ҳақыйқый көркем өнер ийеси есапланады. Әне сонда ғана ол жаратқан шығарманы шын мәнисинде көркем өнер шығармасы деп атаў мүмкин.

Бай музыкалық мийрасымызды үйрениў ҳәм оны келешек әўладқа мүнәсип жеткериў жолында әҳмийетли қәдемлер тасланып атырғанын атап өтиў керек. Мақам, миллий эстрада, бақсышылық көркем өнерин раўажландырыў мақсетинде түрли халықаралық фестиваллар өткерилиўи турақлы әмелге асырылмақта.

Жас талантларды ашыўда ҳәм олардың және де өсиўи ушын имканиятлар жаратыўда системалы жойбарлар ислеп шығылмақта.

Буның нәтийжесинде халықаралық майданда ҳәр қыйлы жас категориясында ҳәр қыйлы бағдарларда дөретиўшилеримиз абырайлы таңлаўларда жеңимпаз болмақта. Бул болса алып барылып атырған реформалар бийкарға кетпей атырғанынан дерек береди.

Шербек Исломов, ӨзА