Орайлық Азияда уран объектлерин рекультивациялаў бойынша халықаралық бирге ислесиў раўажланбақта

159

Бүгин Ташкент қаласында Уран мийрасы объектлери бойынша Муўапықластырыўшы топардың (CGULS) жыллық мәжилиси өз жумысын баслады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети ҳәм Халықаралық атом энергиясы агентлиги (ХАЭА) менен биргеликте шөлкемлестирилген бул илажға жергиликли ҳәм сырт ел шөлкемлериниң жуўапкерлери, қәнигелер қатнаспақта.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде уран мийрасы менен байланыслы экологиялық ҳәм қәўипсизлик мәселелери пүткил дүнья көлеминде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Уран қазып алыў ҳәм қайта ислеў процесслеринен қалған объектлер тек ғана қоршаған орталық ушын емес, ал инсан саламатлығы ушын да үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин. Сонлықтан, ҳәр қыйлы мәмлекетлер бул тараўда нәтийжели шешимлерди излеў, алдынғы тәжирийбелерден пайдаланыў ҳәм улыўма көзқарасларды ислеп шығыў жолында бирлеспекте. Әсиресе бул бағдардағы халықаралық тәжирийбе Орайлық Азияда уран менен патасланған объектлерди рекультивациялаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Соннан келип шығып, мәжилистен гөзленген мақсет қатнасыўшы мәмлекетлер арасында уран объектлерин тәртипке салыў, эксплуатациялаў ҳәм рекултивациялаў тараўында тәжирийбе алмасыўды жолға қойыўдан ибарат. Илаж даўамында радиациялық қәўипсизликти тәмийинлеў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм уран қазып алыў және қайта ислеў жумысы нәтийжесинде зыян көрген аймақларды турақлы тиклеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул болса қатнасыўшыларға тараўдағы жетискенликлер ҳәм бар машқалаларды додалаў, сондай-ақ, ХАЭА шеңбериндеги CGULS жойбары бойынша бирге ислесиў бағдарларын белгилеп алыў имканиятын береди.

Мәжилисте ХАЭАға ағза мәмлекетлердиң ўәкиллери уран объектлерин басқарыў ҳәм қәўипсиз эксплуатациялаў бойынша өз тәжирийбелери менен ортақласты. Бундай тәжирийбе ҳәм билим алмасыў Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм дүньяның басқа да регионлары арасында нәтийжели бирге ислесиўди күшейтиў, улыўма көзқараслар ҳәм алдынғы шешимлерди ислеп шығыўға хызмет етеди.

Санаат, радиация ҳәм ядролық қәўипсизлик комитети баслығының орынбасары Сардор Ёқуббековтың атап өткениндей, Ташкентте Уран мийрасы объектлери бойынша Муўапықластырыўшы топардың жыллық мәжилисин өткериў Өзбекстанның ядро ҳәм радиация қәўипсизлигин беккемлеў бағдарындағы жедел позициясын айқын көрсетеди.

– Оған бола, бул илаж уран санааты мийрасынан қәўипсиз пайдаланыў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм регион мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўына қаратылған улыўма илажларды муўапықластырыў ушын әҳмийетли халықаралық майдан сыпатында итибарға ылайық. Соның менен бирге, бундай ушырасыўлар Өзбекстанға халықаралық шериклер менен бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў, тәжирийбе ҳәм алдынғы шешимлерден нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди, – деди С.Ёқуббеков.

Еслетип өтемиз, бул мәжилис өз жумысын 10-октябрьге шекем даўам еттиреди.

Насиба Зиёдуллаева, ӨзА