Енди министр ҳәм ҳәкимликке талабанлар антикоррупция бойынша режесин де усынады

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
Бул нызам жойбары ҳүкимет ағзалары ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты басшыларының коррупцияға қарсы гүресиўдеги жуўапкершилигин арттырыў, олар тәрепинен бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин күшейтиў мақсетинде ислеп шығылған.
Атап өтилгениндей, бул нызам жойбарына муўапық, ҳәким лаўазымына талабан тийисли халық депутатлары Кеңесинде талабанлары көрип шығылып атырғанда, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы менен бир қатарда, аймақта коррупцияның алдын алыў бойынша ҳәрекетлер режесин де усыныўы керек болады.
Сондай-ақ, Министрлер Кабинети ағзалығына талабанлардың Нызамшылық палатасында талабанлығы көрип шығылып ҳәм мақулланып атырғанда, өз жумыс бағдарламасы менен бирге системада коррупцияның алдын алыў бойынша илажлар режесин де усыныўы белгиленбекте.
Додалаўларда фракция ағзалары нызам жойбарындағы нормалардың әҳмийетине тоқтап өтип, коррупцияға қарсы гүресиўде тек ғана жаза илажлары емес, ал жуўапкер басшылардың бағдарламалық қатнасы да әҳмийетли екенлигин атап өтти. Талабанлардан усындай режелерди усыныў талабының белгилениўи системада ашық-айдынлық ҳәм жуўапкершиликти күшейтетуғынын билдирди. Сондай-ақ, басшы лаўазымларға усынылып атырған шахслардың мәмлекетлик хызметти ашық-айдынлық ҳәм есап бериў принциплери тийкарында әмелге асырыўға болған жуўапкершилигин буннан былай да арттырыўға хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.
ӨзА