“Ватандош” картасына ийе ўатанласларымызға мәмлекетлик бажыдан жеңилликлер бериледи

Сырт елде жасап атырған ўатанласларымыз бенен турақлы бирге ислесиўди раўажландырыў, елимизде алып барылып атырған реформаларда қатнасыўын хошаметлеў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға айрықша итибар қаратылып келинбекте.
Бул бағдарда Президентимиздиң 2024-жыл 20-ноябрьдеги тийисли қарары менен елимиздиң социаллық-экономикалық турмысында белсене қатнасыўға умтылып атырған ўатанласларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде “Ватандош” гүўалығы ҳәм “Ватандош” карталары енгизилди.
Енди “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамның тийисли статьяларына усы карта ийелери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў тараўында көрсетилетуғын айырым мәмлекетлик хызметлер ушын мәмлекетлик бажыдан азат етилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Атап айтқанда, “Ватандош” картасы ийелери турған орны бойынша дизимнен өткерилгенде, олардың шаңарақ ағзалары әмелдеги виза мүддетин созғанда, сондай-ақ, турған орны бойынша дизимнен өткерилгенде ҳәм дизимге алынған мүддети созылғанда, мәмлекетлик бажыдан азат етилиўи нәзерде тутылмақта.
Бул тәртиплерди нәзерде тутатуғын нызам жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Халық демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде көрип шығылды.
Додалаўлар даўамында депутатлар бул нызам жойбары сырт елде жасап, жумыс алып барып атырған ўатанласларымыз бенен байланысларды буннан былай да беккемлеўге, олардың мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўына қосып атырған үлесин арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти. Сондай-ақ, ўатанласларымызға Өзбекстан аймағында исбилерменлик, инвестициялық, илимий, ағартыўшылық ҳәм мәдений жумыс пенен шуғылланыўы ушын қолайлы ҳуқықый, социаллық шараятларды жаратыўға хызмет ететуғынын айтып өтти.
ӨзА