Сенаттың оныншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте

167

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси бүгин өз жумысын даўам еттирмекте. Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте. Мәжилис процесслери Сенаттың YouTube тармағындағы рәсмий бети арқалы онлайн жарытылмақта.

Жалпы мәжилистиң биринши жумыс күнинде жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер, баспа жумысы, Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесслерин және де жеделлестириў, кредиторлардың гиреў менен тәмийинленген талапларын қанаатландырыў, транспорт хызметин көрсетиўди жетилистириў, билимлендириў хызметлерин көрсетиўди системаластырыўға қаратылған нызамлар мақулланды.

“Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызам ўәкилликли уйымның ўәкилликлери ҳәм ўазыйпалары ашып берилмегени ҳәм басқа да кемшиликлери болғаны ушын бийкар етилди.

Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күнинде парламентлик қадағалаў шеңбериндеги бир қатар мәселелер, атап айтқанда, Бас прокурордың прокуратура уйымларының 2024-жылдағы жумысы бойынша есабаты ҳәм Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы миллий баянат тыңланады.

Самарқанд ўәлаятының айырым аймақларының шегараларын өзгертиў ҳаққында, студентлер арасында жынаятшылықтың алдын алыў, оқыўшыларды сапалы сабақлықлар менен тәмийинлеў бойынша тийисли шөлкемлерге парламентлик сораўлар жибериўге байланыслы мәселелер додаланады.

Аўыл хожалығын раўажландырыў, илимий-изертлеў институтларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм тараўда илим жетискенликлерин енгизиў бойынша парламентлик сораў нәтийжелери, Жоқарғы судтың қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылады.

Мәжилисте көрип шығылатуғын барлық мәселелерди толық сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барың!

 

 ӨзА