14-сентябрь күни Мойнақ районындағы дүньяға белгили «Корабльлер қойымшылығы» естелиги жанында Арал машқалаларына бағышланған «Стихия» деп аталған абстракт электрон музыкалар фестивалы болып өтти.

«Centil Law Film», «Trend Setter», «People travel» шөлкемлериниң басламасы және Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, БМШның Раўажланыў бағдарламасы жәрдеминде Орайлық Азияда биринши мәрте өткерилген фестивальға республикамыздың барлық аймақларынан, қоңсылас еллер, сондай-ақ, АҚШ, Франция, Германия, Россия, Израиль, Туркия, Қытай сыяқлы мәмлекетлерден саяхатшылар, «National Geographic», «Calvert», «Mixmag Russia», «Первый канал (Россия)» сыяқлы ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, блогерлер келди.

Фестивальдың ашылыў салтанатында шығып сөйлеген Мойнақ районы ҳәкими С.Данияров район халқының жасаў жағдайын жақсылаў, халықтың абадан турмыста жасаўы ушын Президентимиз және ҳүкиметимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған әмелий жумыслар ҳаққында айта келип, аймақтың туризм потенциалын арттырыў, бул арқалы елимиз экономикасының раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў ушын исленип атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, бүгинги фестиваль шөлкемлестириўшилери ҳәм қатнасыўшыларына миннетдаршылық билдирип, бүгин Аралдың қайтадан жанланып атырғанын атап өтти.

Буннан соң Maria Breslavets, Dasha Redkina, HVL, Interchain, Orgatanatos, SHMN сыяқлы электрон музыка усталары ҳәм топарлары тәрепинен Арал теңизине бағышланған абстракт музыкалар жаңлай баслады.

Фестиваль шеңберинде қарақалпақ халқының ата-бабалардан мийрас болып киятырған миллий өнерментшилик үлгилери көргизбеси де елимиз мийманларында үлкен қызығыўшылық оятты.

Үлкен қазанларда миллий тағамлардан палаў ҳәм балықтан бирнеше түрли тағамлар таярланып, фестивальға келген мийманларға тарқатылды.

Фестивальға жоқары дәрежеде таярлықлар көрилгени билинип турды. «Мойнақ маягы» әтирапында қурылған миллий қара үйлер, фестивальға келген мийманлар ушын жаратылған шараятларға жақсы баҳа бериўге болады.

Фестивальдың Арал апатшылығының орайы болған Мойнақ районында өткерилиўинде де терең мәни бар. Фестиваль мәмлекетимиз, әсиресе, район халқы турмысында умытылмас ўақыя болды, десек қәтелеспеген боламыз. Өйткени, бул арқалы елимиз және бир мәрте дүнья жәмийетшилигиниң итибарын өзине қаратты.

Усы күни «Корабльлер қойымшылығы» естелиги ҳәр қыйлы реңли шырақлар менен түрленип, Арал теңизиниң қурыған ултанына жан бағышлағандай сезилди.

Фестиваль 15-сентябрь күни таңғы саат 04:00 ге шекем даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Фотолар авторы: Шуҳрат Саидаҳмадов.