Шоманайда тарийхый гүзелер табылды

9-июль күни Шоманай районы Бирлешик аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан тарийхый өтмишке тийисли гүзелери табылды.

– Бул шығыр гүзелери шама менен XIX әcирге тийисли болыўы мүмкин. Гүзелерди көрип жақсылап көзден өткерип изертлеў өткергеннен кейин анық мағлыўмат беремиз, дейди Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң илимий хызметкери Жамила Рзаева.

– Бул гүзелерди өзимиздиң фермер хожалығымызға тийисли жердиң шөп басып қалған тәрепин сүргизиў ўақтында шама менен бир метр тереңликтен таўып алдық, дейди «Мырзабеков Марқабай» фермер хожалығының жумысшысы Айдос Мырзабеков.

Бундай тарийхый табылмалар ата-бабаларымыздын жасаў тәризи, дийқаншылык мәденияты хаққында және де тереңирек билимге ийе болыўымызға имканият жаратады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги