Жасларды саламат турмыс тәризине бағдарлаўда үлкен қәдем

Беруний районында жайласқан Тынышлық аўыл пуқаралар жыйынында жаслардың турмысында әҳмийетли ўақыя жүз берди. Мәҳәлледе заманагөй универсал спорт майданы қурылып, иске қосылды. 2024-жылы “Бес баслама олимпиадасы” Республикалық басқышында жеңил атлетика бойынша сыйлы 1-орынды қолға киргизген 16-21 жастағы қызлар командасы бул жеңисти өз мәҳәллесин қуўандырыў ҳәм жасларға саўға сыпатында усынды, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Майдан түрли спорт түрлери менен шуғылланыў ушын мөлшерленген болып, жасларды саламат турмыс тәризине бағдарлаўда үлкен әҳмийетке ийе.

2025-жылы да Тынышлық аўылының жаслары жаңа табысларға еристи. Қызлар командасы және 1-орынды, жигитлер командасы болса 3-орынды ийелеп, район дәрежесинде мақтанышлы нәтийжелерди көрсетти. Жеңимпазларға Беруний районы ҳәкиминиң орынбасары Д.Каримов тәрепинен миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Илаж соңында жаслар ушын арнаўлы концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Жергиликли дөретиўшилер ҳәм жаслардың қатнасыўындағы шығыўлар бойынша күтилгенинен де жоқары кейпият ҳүким сүрди. Бул кеше жаслар ушын тек ғана байрам емес, ал мақтаныш ҳәм илҳам дәреги болды.

Тынышлық аўылында жаслар спорт арқалы өз потенциалын көрсетпекте. Мәҳәлледе жаратылған жаңа шараятлар жас әўладтың саламат ҳәм белсенди турмыс кешириўине хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги