Еки палўанымыз 3-орынды ийеледи
407

Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери әскерий хызметкерлери арасында спорттың гүрес түри бойынша «Прокурор кубоги» жарысының финаллық басқышы болып өтти.
Бул жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан күшли палўанлар қатнасты. Кескин өткен беллесиўлер соңында, республикамыздан Миллий гвардия хызметкери Шоберди Рустамов +90 кг салмақта ҳәм +63 кг да Арқа Батыс әскерий гарнизоны хызметкери Гүлайым Жумабевалар қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

Республикамыз палўанларын бул жарысқа тәжирийбели тренер Берик Жүсипбеков таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.