Спорттың интеллектуаллық түри раўажланбақта

Нөкис районы спорт мектебинде спорттың интеллектуаллық түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубоги ушын район басқышы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди.

Жарыс Қарақалпақстан Республикасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жасларды интеллектуаллық спорт түрлери менен шуғылланыўға тартыў, сондай-ақ, қәбилетли споршыларды анықлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Илажда Нөкис районы ҳәкимлиги ҳәм спорт мәкемелериниң жуўапкерлери, мектеп оқыўшылары ҳәм тренерлер белсене қатнасты. Жарыста қатнасқан оқыўшылар өзлериниң билим ҳәм шеберликлерин көрсетип, қызғын ҳәм маўасасыз беллесиўлерге бай болды.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Сондай-ақ, жарыс нәтийжелери бойынша жоқары нәтийже көрсеткен қатнасыўшылар Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги