Бағлар ҳәм атызларда фитосанитариялық қадағалаў күшейтиледи

Республикамызда зыянлы организмлерге қарсы өз ўақтында нәтийжели гүресиў илажларын шөлкемлестириў ҳәм фитосанитариялық қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде 2025-жыл 7-июльден 7-августқа шекем “Әҳмийетли отыз күнлик” өткериледи,-деп хабар бермекте Өсимликлер крантини ҳәм қорғаў агентлигиниң баспасөз хызмети.
Онда төмендеги зыянлы организмлерге қарсы системалы гүрес илажлары алып барылады:
“Шығыс мийўехоры” (Grapholitha molesta) – мийўели бағларда мийўелер ишинде қуртлар раўажланып, мийўени ширитеди. Экспортқа таярланып атырған өним ушын үлкен экономикалық зыян келтиреди.
“Қаўын шыбыны” (Carpomya pardalina Bigot) – палыз егинлериниң сапасын ҳәм муғдарын кескин төменлетеди, өнимниң экспорт көрсеткишлерине тәсир етеди.
“Сары шөп” (Cuscuta.sp) – тамыр мийўелейтуғын жабайы шөп болып, ол мәдений егинлердиң өсиўине қатаң тосқынлық етеди. Тез көбейеди ҳәм жер асты тамыры арқалы көп жыллар жасайды.
“Сүйрелиўши какра” (Acroptilon repens D.C) – пахта, ғәлле, палыз егинлери атызларында ушырасады ҳәм олардың өсиўине тосқынлық етеди.
“Әҳмийетли отыз күнлик” шеңберинде биргеликтеги илажлар режеси ислеп шығылып, олардың әмелге асырылыўы бойынша системалы қадағалаў алып барылады. Мәмлекетлик инспекторлар тәрепинен палыз егинлери атызларында ҳәм зыянлы шөплер тарқалыўы мүмкин болған майданларда қадағалаў күшейтилип, атыз қадағалаўы электрон бағдарламасы арқалы есабат жүргизиледи.
Фитосанитариялық атыз қадағалаўын әмелге асырыў даўамында анықланған зыянлы организмлерге өз ўақтында қарсы гүресиў жумысларын алып бармаған юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге қарсы шара көриледи.
“Сары шөп” ҳәм “Сүйрелиўши какра” жабайы шөплериниң тарқалыўының алдын алыў ушын бағшылық ҳәм дийқаншылық хожалықларында, жеке қыйтақ жер, кәрхана, шөлкем, үлкен жол бойлары ҳәм басқа да майданларда карантин илажлары өткериледи.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.