Тақыятаслы ғәллекешлерге ҳүрмет көрсетилди

Тақыятас районында 2025-жылғы ғәлле зүрәәти ушын мийнет еткен алдыңғы фермерлер ҳәм кластерлер мүнәсип сыйлықланды.

Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, Тақыятас районы ҳәкими К.Айтбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, барлық дийқан ҳәм фермерлерди жетискенликлери менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
Мағлыўмат ушын, Тақыятас районы быйыл бириншилер қатарында белгиленген 2635 тонна бийдай тапсырыў режесин артығы менен орынлады.

Әлбетте, бул илаж ғәллекешлердиң пидаркерлик мийнетин хошаметлеў ҳәм оларды жаңа шеклерге руўхландырыўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли.

Илажда пидәкер ғәллекешлер ушын дастурхан жайылып, оларға Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.