Усы жыл 7-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 28-августтағы «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына бағышлап «Саламатлықты үгит-нәсиятлаў күнлери»н өткериўге таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында»ғы мәжилис баянламасында көрсетилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамызға Ташкент қаласынан бир топар шыпакерлер келди.

Олар еки күн даўамында республикамыздың қала ҳәм районларында болып, медицина бирлеспелеринде, аўыллық шыпакерлик пунктлеринде халықты медициналық тексериўлерден өткерди.

Сондай-ақ, медициналық тексериўлердиң әҳмийети, саламат турмыс тәризи принциплери тийкарында денетәрбиясы, физикалық ҳәрекет, дурыс аўқатланыўды қәлиплестириў, зыянлы әдетлерден ўаз кешиў бойынша медициналық мәденият бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барып, усы темаларға байланыслы көргизбели материаллар тарқатты.

7-8-сентябрь күнлери усы топар ағзаларының айырымлары Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде ҳәм 4-санлы шаңарақлық поликлиникада жумыс алып барды.

– Бизиң бул жерге келиўимизден тийкарғы мақсетимиз – орынларда халық пенен ушырасып, наўқасларды медициналық тексериўлерден өткериў, әсиресе, ең аўыр, диагноз қойыў қыйын болған наўқасларды көрип, оларға емлениўи ушын анық көрсетпелер бериў болып есапланады,-дейди топар ағзасы, Ташкент Мецицина академиясы 3-санлы клиникасының жоқарғы категориядағы невропатолог шыпакери А.Ғуломов. – Бул жерде 100 ден аслам наўқасты қабылладық. Медициналық тексериўлер бийпул алып барылды. Пуқараларға бизиң аз да болса жәрдемимиз тийсе, биз оннан оғада қуўанышлымыз.

Топар ағзалары Әмиўдәрья, Шымбай, Кегейли, Қоңырат, Хожели, Елликқала ҳәм Беруний районларында да болып, шетки аўылларда жасап атырған жасы үлкен инсанлардың, майыплығы бар шахслар ҳәм  балалардың жағдайынан хабар алып, үй шараятында медициналық тексериўден өткерди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.