Усы жылдың 11-сентябринде «Қоңырат сода заводы»нда ҳәм «Үстиртгазхимия» комплексинде Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкемлериниң есап бериў – сайлаў мәжилислери болып, усы мәкемелердеги басланғыш шөлкемлердиң баслықлары сайланды.
Мәжилислерде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, Қоңырат районы ҳаял-қызлар комитетиниң жуўапкер адамлары, «Қоңырат сода заводы», «Үстиртгазхимия» комплекси хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Басланғыш шөлкемлердиң мәжилислеринде шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылған илажлар талқыланып, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўда басланғыш шөлкемлердиң жуўапкершилигин ҳәм тәсирин арттырыў, оларды қыйнап атырған машқалаларға шешим табыўға айрықша итибар қаратыў кереклиги атап өтилди.
Күн тәртибине қойылған тийкарғы мәселе, усы мәкемелерге мүнәсип ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығын сайлаў болды.
1832 хызметкер ислейтуғын «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиндеги 530 ҳаял-қыздың атынан Инновация бөлиминиң баслығы Гүлнара Акманова Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығы етип сайланған болса, «Үстиртгазхимия» комплексиниң басланғыш шөлкеми баслығы Рая Дәўлетмуратова усы лаўазымға қайта сайланды. Ол комплекстиң 1450 хызметкери ишиндеги 62 ҳаял-қыздың мәплерин қорғаў, олардың мийнет ҳәм турмыс шараятын және де жақсылаўға жуўапкер болды.
Илажлардың соңында қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берилип, машқалалар кең түрде додаланды.
Қоңырат районы ҳаял-қызлар комитети қурамына киретуғын 177 басланғыш шөлкемлердиң барлығында усындай есап бериў – сайлаў мәжилислери болып өтпекте.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.