Әмелдеги нызамшылықта рухсат етилмеген жерлерге шығындыларды таслағаны ушын шахсларды жуўапкершиликке тартыў механизми жоқ. 2018-жылдың 1-июнь жағдайына муўапық, шығындыларды белгиленбеген жерлерге нызамсыз таслаў бойынша 13,1 мың (2017-жылы 6,3 мың) жағдай анықланған. Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске рухсат етилмеген жерлерге қатты турмыслық ҳәм қурылыс шығындыларын таслаў, суйық шығындыларды төккени ушын жуўапкершиликти арттырыўды нәзерде тутыўшы норма киргизиў жобаластырылмақта. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Суў жағасында жайласқан, өзбасымшалық пенен қурылған объект ҳәм сооружениелерден дәрья және каналларға турмыслық ҳәм басқа шығындылар, атап айтқанда, ақаба суўлар тасланбақта. Буның ақыбетинде тиккелей инсан өмири менен денсаўлығына, қоршаған орталыққа қәўип туўылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги