Дели қаласында Ҳиндстанда Өзбекстан мәденияты күнлериниң рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.

Мәресимди Ҳиндстан Сыртқы ислер министрлиги «Правас Бхаратия Кендра» форумлар сарайында болып өткен салтанатлы кеше баслап берди.

Илаж Ҳиндстан СИМ жанындағы Мәдений қатнасықлар бойынша Ҳиндстан кеңеси, «Ҳиндстан-Өзбекстан» дослық жәмийети, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм елимиздиң Ҳиндстандағы елшиханасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Илажда өзбекстанлы музыка ҳәм аяқ ойын топарлары шығып қатнасты. Ашылыў мәресиминде мәмлекетлик, жәмийетлик, сиясий ҳәм мәдений шөлкемлердиң ўәкиллери, илим ҳәм көркем өнер ғайраткерлеринен ибарат 300 ден аслам мийман қатнасты.

Форумлар сарайында Өзбекстан әмелий көркем өнер көргизбеси шөлкемлестирилди. Итибарға ылайық тәрепи, «Правас Бхаратия Кендра» форумлар сарайы Ҳиндстанның барлық аймақларынан жәмленген бай көркем өнер шығармаларының коллекциясы менен белгили. Олар менен үйлескен ҳалда Өзбекстанның керамикалық буйымлары, сўзанасы, тоқымашылық, ағаш усташылығы ҳәм әмелий  көркем өнер үлгилери көргизбеге өзгеше руўх бағышлады.

Мийманлардың итибарына елимиздиң туристлик ҳәм мәдений потенциалына бағышланған фильм, соның ишинде, жақын күнлерде Шаҳрисабзда болып өткен Халықаралық мақам көркем өнер әнжуманынан видеоролик қойып берилди.

Илажда «Сырдәрья намалары» топарының концерт бағдарламасы да қойып берилди.

Өзбекстанның Ҳиндстандағы елшиси Фарҳод Арзиев халықларымыз арасындағы көп әсирлик  мәнаўий-ағартыўшылық байланысларға тоқтап өтип, Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы мәдений пикирлесиў бүгинги күнде жаңа пәтлер менен раўажланып атырғанын айрықша атап өтти. Шавка Мирзиёевтиң Ҳиндстанға мәмлекетлик сапары еки тәреплеме, соның ишинде, мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўге жаңа мазмун бағышлаўына исеним билдирди.

Өз гезегинде, ҳидстанлы қатнасыўшылар бул сыяқлы илажлар «халық дипломатиясы»ның әҳмийетли қуралы есапланатуғынын ҳәм Ҳиндстан жәмийетшилигине Өзбекстанның көп қырлы мәденияты менен жақыннан танысыў имканиятын беретуғынын атап өтти.

Ҳиндстан сыртқы сиясий уйымы департаментиниң директоры Маниш Прабат Ҳиндстан ҳәм Өзбекстанды улыўмалық мәденият байланыстырып туратуғынын, еллеримиз  арасында әзелден тығыз ҳәм дослық қатнасықларының жолға қойылғанын атап өтти. Сондай-ақ, Өзбекстан  мәденияты күнлери еки тәреплеме қатнасықлардағы тарийхый ўақыя – Өзбекстан Президентиниң Ҳиндстанға мәмлекетлик сапары алдында өткерилип атырғаны менен әҳмийетли екенин атап өтти.

Атақлы жәмийетлик ғайраткер, «Ҳиндстан-Өзбекстан» дослық жәмийетиниң президенти Анил Шастри:

-Илаж шөлкемлестириўшилеринен бири сыпатында дослық жәмийети Ҳиндстан ҳәм Өзбекстан арасындағы мәдений пикирлесиўди тереңлестириўге хызмет етеди. Сондай-ақ,  Өзбекстан мәденияты күнлери шеңберинде Лал Баҳодур Шастри атындағы Менеджмент институтында арнаўлы бағдарламаның өткерилиўи нәзерде тутылған. Бүгин биз үлкен тәсирлер, йошлы намалар, жоқары қәбилет ҳәм ең тийкарғысы, өзбек халқына тән миймандослық ҳәм кеңпейиллик байрамының гүўасы болдық.

Илаж шеңберинде  Делиде Ҳидстанның ири билимлендириў мәкемелеринен бири болған Жамия Миллия Исломия университетиниң өзбек тили бойынша профоссоры Ш.Таслим басшылығында басып шығарылған төрт томлық өзбек тили сабақлығын таныстырыў да өткерилди. Усы университетте өзбек тили кафедрасы жумыс ислеп, өзбек әдебияты мүйеши шөлкемлестирилген.

Ҳиндстанда Өзбекстан мәденияты күнлери усы жылдың 14-сентябрине шекем даўам етеди. Бағдарлама шеңберинде, сондай-ақ, Лал Баҳодур Шастри атындағы Менеджмент институтында концерт, Өзбекстан мәдений мийрасының презентациясы, Ноида қаласындағы белгили «Марва Студиос» орайында өзбек фильмлериниң қойып берилиўин өз ишине алған мәдений илажлардың өткерилиўи режелестирилген.

ӨзА