11-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Японияның педагог кадрларды таярлайтуғын бирнеше жоқары оқыў орынлары профессорлары және илимий хызметкерлери менен ушырасыў болып өтти.

Япония илимий раўажландырыў жәмийетиниң «Социаллық ҳәм тәбийғый илимлерди турақлы раўажландырыў бағдарында глобал оқыўлық бағдарламаларды раўажландырыў» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген илимий изертлеў делегациясы менен өткерилген ушырасыўдың дәслепки бөлиминде Арал бойы регионындағы мектеплерде оқыўшылардың экологиялық билимин жетилистириў, буның ушын билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаўдың өзгешеликлери бойынша институт ректоры ҳәм проректорлар менен өз ара пикир алмасылды.

Цукува университетиниң билимлендириў институты профессоры Ёсиясу Ида, Токио Гакугей университети профессоры Масатака Араи, Доккё университети профессоры Хироаки Акимото, Дзёэцу педагогикалық институты профессоры Такаси Симура, Миэ университети профессоры Сигефуми Нагата ҳәм басқа да япониялы профессорлар институтта жәмийеттаныў ҳәм тәбияттаныў бағдарында әмелге асырылып атырған илимий изертлеў жумысларының барысы және мазмуны менен танысыў ҳәм алдағы ўақытлары биргеликте илимий-педагогикалық байланыслар орнатыў бойынша өз усынысларын билдирди.

– Япония мектеплеринде өтилетуғын география сабақлықларында Арал теңизи ҳаққында мағлыўматлар бар. Бирақ, булар бизиң ойымызша оғада аз. Биз усы сабақлықларға теңиздиң қурыған ултанындағы ҳәзирги экологиялық жағдай, бул жерде мәмлекет президенти ҳәм ҳүкимет басшылығында экологиялық турақлылықты жақсылаў мақсетинде алып барылып атырған жумыслар, олардың эффективлилиги ҳаққында жергиликли илимпазлардың илимий изертлеўлери нәтийжесинде анықланған мағлыўматларды да киргизиўди жобаластырып отырмыз, – деп айтып өтти Цукува университетиниң билимлендириў институты профессоры Ёсиясу Ида.

Ушырасыў институттың химия-биология ҳәм тарийх-география факультетлеринде профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар менен тема дөгерегиндеги өз ара пикир алмасыў және сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Ушырасыў жуўмағында делегация ўәкиллери алдағы ўақытларда экология ҳәм басқа да бирнеше бағдарлар бойынша биргеликте илимий-педагогикалық жумысларды алып барыўға келисип алды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.