Шаҳрисабз қаласында Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы жуўмақланды

Дерлик бир ҳәпте даўамында Шаҳрисабз дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген ең сайланды мақам атқарыўшылары беллесиўин өткерди. Бир ҳәпте даўамында көк гүмбезлер астында жағымлы намалар жаңлады. Олардағы тартымлылық, саз, илаҳий күш-қүдирет музыкаға ашық кеўиллерди бийлеп алды. Дүньяның белгили қосықшылары менен сәзенделериниң, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң, музыкатаныўшы илимпазлардың нәзери Шаҳрисабзда болды.

Бул халықаралық көркем өнер байрамының тийкарғы идеясы адамзат мәдений мийрасының ажыралмас бөлеги болған мақам көркем өнерин раўажландырыў, оның әййемги тарийхы, терең философиясы, бийтәкирар атқарыў усылы ҳәм бай дөретиўшилик дәстүрлерин келешек әўладқа жеткериў ҳәм даўамлылығын тәмийинлеўден ибарат болып табылады.

Әнжуманға таярлық шеңберинде саўлатлы Ақсарай әтирапындағы майданда үлкен амфитеатр қурылды. Оның әтирапында елимиз ўәлаятларының өзине тән үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин, турмыс тәризин сәўлелендиретуғын этнографиялық қалашаларда қатнасыўшылар ҳәм туристлер ушын бағдарламалар усынылды. Мақам көркем өнерине байланыслы ҳәр қыйлы көргизбелер, миллий сазлар ҳәм липаслар, өнерментшилик буйымлары, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер үлгилери, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, китаплар, альбомларды таныстырыў мәресими ҳәм сатылыўы жолға қойылды.

Әнжуман күнлери қаладағы 6 мийманхана ҳәм бир қатар мийман үйлери сырт елли қатнасыўшыларға хызмет көрсетти. Сырт елли мийманларды күтип алыў, әнжуман даўамында оларды алып жүриў ушын жоқары билимлендириў мәкемелеринен гид-волонтёрлар сайлап алынды.

Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы шеңберинде 7-сентябрьден баслап Ташкент – Шаҳрисабз – Ташкент бағдары бойынша «Afrosiyob» заманагөй электропоездиниң турақлы қатнаўы жолға қойылды.

Абырайлы әнжуманға жәми 73 мәмлекеттен 300 ге шамалас жеке атқарыўшы ҳәм музыка жәмәәтлери, оның шеңберинде өткен халықарылқ илимий-әмелий конференцияға 19 мәмлекеттен 30 музыкатаныўшы илимпаз қатнасты.

– Бул фестивальдың ҳәр бир күни қызықлы ҳәм өзине тән болды. Мени өзбек халқының бай мәденияты, дәстүрлери менен үрп-әдетлерин жоқары қәдирлейтуғыны, қәстерлеп сақлайтуғыны таң қалдырды, – дейди тунисли музыкатаныўшы илимпаз, Тунис жоқары музыка институтының тийкарын салыўшы Маҳмуд Гуеттат. – Сондай бай мәденият өзбек халқының қанына сиңип кеткени мақам көркем өнери әнжуманында елиңиздиң барлық аймақларының дәстүрлерин көрсеткенинде және де айқын сәўлеленди. Бир халық, бир мәденият болыўына қарамастан, бул жердеги рәңбәреңлик тәсийин қалдырады. Президент Шавкат Мирзиёев көркем өнер әнжуманының ашылыўында шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, усы әнжуманның мақсети бул бийбаҳа байлықты көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў, оннан дүнья халқын хабардар етиў, келешек әўладларға зыянсыз жеткериў, ҳәр қыйлы континентлер менен мәмлекеттиң ўәкиллерин бул шырайлы орынға жәмлеўден ибарат екени мени оғада қуўандырды.

– Мақам тек ғана кеўиллерди бийлеп алыўшы музыкалық жанр емес, пүтин бир философия болып табылады, – дейди иранлы Фарида Ризоий. – Мақам намалары менен бирге мен әнжуманның режиссёрлық жумысынан да заўықландым. Булардың бәри ең жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген. Сахна бойлап картиналарда Әмир Темур естелиги ҳәм оның артында саўлатлы Ақсарай сәўлеленгени мың жыллық тарийхты бүгинги заман менен таң қалдыратуғын дәрежеде үйлестирген. Бул әнжуманда мен өзим ушын өзбек халқының нәзик қәлбин жаңадан түсиндим ҳәм таптым, деп исеним менен айта аламан.

Көркем өнер байрамының ашылыўында ЮНЕСКО, Азия халықаралық фольклор дөретиўшилиги шөлкеми, Россия, Қырғызстан Президентлериниң мәсләҳәтшилери, Тәжикстан, Қазақстан, Әзербайжан, Түркия мәденият министрлери сыяқлы мәртебели мийманлар және елимиздеги сырт ел дипломатиялық корпус ўәкиллери қатнасты.

– Дүнья халықларының тарийхый, материаллық-мәдений мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўда усындай әнжуманлардың орны гиреўли, – дейди ЮНЕСКО департаментиниң баслығы Жоти Хосаграхар Висверварая. Бизиң шөлкемимиз фестивальлар тымсалында ең сайланды мийрас үлгилерин есапқа алып барады. «Шашмақам»  әне сондай ең әййемги ҳәм бийбаҳа көркем өнер дүрданаларынан есапланады. Еки мың жыллық тарийхқа ийе «Шашмақам» тек ғана Өзбекстанда емес, ал көплеген еллерде кеңнен тарқалған. Соның ушын бул Халықаралық мақам фестивалы оның тарийхый мәдениятын тиклеўдеги әҳмийетин және де арттырды.

– Бул фестиваль тек ғана Өзбекстанның емес, ал пүткил Шығыс халықларының мәдений турмысында айрықша әҳмийетке ийе. Соның менен бирге ол халықлардың мәдений жақынлығын беккемлеўге хызмет етти, – дейди әзербайжанлы музыка қәнигеси Фахраддин Бахшалиев. – Сонлықтан биз де өзимиздиң муғам көркем өнирин дүньяға таныстырыў ҳәм көрсетиў имканиятына ийе болдық.

10-сентябрь күни дүнья көркем өнер халқының бас сахнасына айланған Ақсарай майданындағы амфитеатрда Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманының жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Дәслеп, белсенди атқарыўшылар бир қатар номинациялар бойынша сыйлықланды.

Халықаралық төрешилер қурамы қатнасыўшылардың шығыўын үш – «Ең жақсы мақам ансамбли», «Ең жақсы жеке сазенде» ҳәм «Ең жақсы жеке атқарыўшы» номинациясы бойынша баҳалады.

Тунистиң «Al Gharbi Twins», Японияның «SPCP Japan» жәмәәтлери ҳәм Түркменстан ўәкили Суханберди Оразбердиев үшинши орынға ылайық, деп табылды. Иранның «Настар» ансамбли ҳәм ҳиндистанлы Устад Иқбол Аҳмат Хон екинши орынға мүнәсип көрилди.

Әзербайжанның «Ҳайрати» жәмәәтиниң солисти Нигор Шабанова ҳәм Өзбекстанның «Сақил» ансамбли биринши орынға сазаўар болды.

Толқынландыратуғын мәўритлер жетип келди. Төрешилер қурамының жуўмағы бойынша, Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманының бас сыйлығы – Гран-при Тәжикстан мақам академиясына берилгени жәрияланды.

Жеңимпазларға ҳәм сыйлы орын ийелерине ақшалай сыйлықлар, сондай-ақ, әнжуманның арнаўлы дипломы ҳәм естелик саўғалары берилди. Буннан тысқары, әнжуманға қатнасқан барлық сырт елли мийманларға сувенир ҳәм арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

Мәресимде елимиздиң көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының концерт бағдарламасы және 3D проекция-музыкалы жақтыландырыў тамашасы көрсетилди.

Ўлмас БАРОТОВ,

ӨзАның хабаршысы