Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы мүнәсибети менен пайтахтымыздағы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде мәҳәллелердеги 1420 ҳәм 2130 жас аралығындағы жаслар арасында «Мен оқыған китап» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаўдың тийкарғы мақсети – мәҳәлле жаслары арасында китап оқыў мәдениятын арттырыў, уллы илимпаз, жазыўшы ҳәм ойшыллардың бай мәдений мийрасы, улыўмаинсаныйлық цивилизация, мәденият, дүньяға көзқарас ҳәм диний илимниң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ата-бабаларымыздың бийбаҳа мийрасын қәстерлеп сақлаў, келеси әўладларға жеткериў, олардың баҳалы мийрасын, ибратлы өмирин ҳәм социаллық турмысын ҳәр тәреплеме терең үйрениў және үгит-нәсиятлаў, жасларымыздың өзлигин аңлаўы, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў болып есапланады.

Таңлаўдың мәҳәллелераралық, қала ҳәм районлараралық басқышларында 1000 нан аслам жаслар қатнасты. Таңлаўларда қатнасыўшылардың талабынан келип шығып рус, өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринен пайдаланылды.

Таңлаўдың республикалық басқышы қалалық ҳәм районлық басқышларында жеңимпаз болған 32 қатнасыўшы арасында болып өтти.

Таңлаў қатнасыўшыларының билимлери үш шәрт тийкарында жасына қарап баҳалап барылды.

Жеңимпазлар анықланып, 14-20 жас аралығындағы қатнасыўшылардан Хожели районы «Жүзимзар» МПЖдағы 22-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Г.Жумамуратова биринши, Төрткүл районы «Шорахан» АПЖдағы 19-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Ш.Кәримбаева екинши, Қараөзек районы «Есим» МПЖдағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы А.Тилеўова үшинши орынды ийеледи. Ал, 21-30 жас аралығындағы қатнасыўшылардан Елликқала районы «Сарабий» АПЖдағы 8-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Ҳ.Раджапова биринши, Қоңырат районы «Қоңырат» АПЖдағы 46-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқытыўшысы С.Султанова екинши, Тақыятас районы «Кенегес» АПЖдағы жеке исбилермен А.Қурбаниязов үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.