Әмиўдәрья районының «Ақ алтын» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 3-санлы аўыллық шаңарақлық поликлиникасында Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң есап бериў – сайлаў мәжилиси болып өтти. Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, поликлиника шыпакерлери қатнасты.
Илажда «Ақ алтын» аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар менен ислесиў бөлиминиң баслығы Зыяда Сагатдинова ҳәм басқалар ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин толық тәмийинлеў, олардың арзыў-нийетлерин әмелге асырыў жолында үлкен имканиятлар жаратылып, ҳаял-қызларды қыйнап атырған машқалаларға шешим табыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.
Елбасшымыздың 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында» ғы қарары ҳаял-қызлардың мәплерин қорғаў, олардың мийнет ҳәм турмыс шараятын және де жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды жаңа басқышқа алып шықты.
Шөлкемлестириў мәжилисинде күн тәртибине қойылған тийкарғы мәселе 3-санлы аўыллық шаңарақлық поликлинасындағы Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығын сайлаў болып өтти. Поликлиниканың патронаж мийирбийкеси Гүлнара Камалова басланғыш шөлкемниң баслығы етип тайынланды.
– Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Ҳаял-қызлар комитети ПҲАЖ уйымының, «Шаңарақ» орайы районлық және қалалық бөлимлериниң ҳәм ҳаял-қызлар және шаңарақ мәселелери бойынша басқа да структуралардың белсендилигин қадағалаў ҳәм муўапықластырыў жумыслары бойынша тийкарғы жуўапкер сыпатында өз жумысын баслады, – дейди Г.Камалова. – Маған билдирилген жоқары исенимди ақлаў ушын бар күшимди жумсайман.
Илаж даўамында басланғыш шөлкемниң жумысын системалы жолға қойыў, ҳаял-қызларды қыйнап атырған машқалаларға тийисли шөлкемлер менен бирликте шешим табыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.