Британияның QS Quacquarelli Symonds шөлкеми тәрепинен питкериўшилердиң жумысқа орналасыў көрсеткиши бойынша ТОП-500 университетлердиң халықаралық рейтинги дүзилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Дизимниң биринши орынынан Массачусетс технологиялар институты (АҚШ) орын алды. Екинши ҳәм үшинши орынларды сәйкес түрде Стэнфорд университети (АҚШ) ҳәм Гарвард университети (АҚШ) ийеледи.

Кейинги орынлардан Калифорния технологиялар институты (АҚШ), Кембридж университети (Уллы Британия), Оксфорд университети (Уллы Британия), Лондон университети колледжи (Уллы Британия), Лондон империя колледжи (Уллы Британия), Чикаго университети (АҚШ), Цюрих технологиялар федерал институты (Швейцария) орын алды.

Сондай-ақ, ТОП-20 ға Наньянг технологиялар университети (Сингапур), Лозанна политехника федерал инситуты (Швейцария), Принстон университети (АҚШ), Корнелл университети (АҚШ), Сингапур миллий университети (Сингапур), Йель университети (АҚШ), Джон Хопкинс университети (АҚШ), Колумбия университети (АҚШ), Пенсильвания университети (АҚШ), Австралия миллий университети (Австралия) киргизилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги