Мойнақ районы ҳәкимлигинде «Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты арттырыў және бирге ислесиўди раўажландырыў» жойбары тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларды ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәмийетшиликке жеткериўге бағышланған семинар болып өтти.
Европа Аўқамының «Өзбекстанның аўыллық жерлеринде суў ресурсларын турақлы басқарыў» бағдарламасы шеңберинде өткерилген илажда суў ҳәм экология тараўлары бойынша қәнигелер, район фермерлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Семинарда Халықаралық Аралды қутқарыў қоры Нөкис филиалы атқарыў комитетиниң директоры Р.Кошеков, «Сувчи» жәмийетлик бирлеспеси директорлар кеңесиниң баслығы Т.Мажидов сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Европа Аўқамының Орайлық Азия регионындағы Экология орайы және оның елимиздеги ўәкилханасының биргеликтеги жойбарының әҳмийетине, оны әмелге асырыўда журналистлердиң алдында турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, трансшегералық суў ағымларынан, халықаралық дәрьялардың суўынан ақылға муўапық пайдаланыў бүгинги күнниң әҳмийетли машқалаларынан бири болып есапланады. Мәлим болғанындай, 1966-жылы Хельсинкиде «Халықаралық дәрьялардың суўларынан пайдаланыў қағыйдалары», 1992-жылы «Трансшегералық суў ағымлары ҳәм халықаралық көллерди қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў», 1997-жылы Нью-Йоркта «Халықаралық жер үсти суў ағымларының кемелер қатнамайтуғын түрлеринен пайдаланыў ҳуқықы ҳаққында»ғы халықаралық Конвенциялар қабыл етилди. Қәнигелер усы ҳәм басқа да халықаралық көлемдеги бир қатар нормативлик ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси туўралы кең түрде түсиник берди.
Айрықша атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен елимизде Арал кризисиниң ақыбетлерин жумсартыў, аймақтағы экологиялық жағдайды турақластырыў, халықтың турмыс шараятларын жақсылаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында, усы жыл 24-август күни Түркменбашы қаласында болып өткен Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде шығып сөйлеген сөзлеринде халықаралық жәмийетшиликтиң итибарын және бир мәрте Арал апатшылығына, оның ақыбетлерин сапластырыўда халықаралық көлемдеги ис-ҳәрекетлерди бирлестириўге қаратты.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Семинар қатнасыўшылары райондағы «Кемелер қойымшылығы»нда, үлке таныў музейинде болды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.