Ч.Абдиров атындағы Мәденият сарайында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурылыс факультетиниң шөлкемлестириўи менен «Өзбекстан-улыўма үйимиз» сүрени астында «Биз бир шаңарақ перзентлеримиз» атамасында миллетлер аралық татыўлық ҳәм дослық фестивалы болып өтти.
Фестивальға университет басшылары, профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов ҳәм қурылыс факультети деканы Т.Узақовлар елимизде халықлар арасында дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў жолында алып барылып атырған мәмлекетлик сиясатты қызғын қоллап-қуўатлап, бул бағдарда Президентимиздиң басшылығында көплеген унамлы илажлар әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти.
-Университетимиз Өзбекстандағы ең ири жоқары оқыў орынларының бири болып, бүгинги күни оқыў дәргайымызда 27 мыңнан аслам студент-жаслар оқып билим алмақта,-деди университеттиң жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов.-Олардың арасында 16 миллет ўәкиллери болып, олар бир атаның балаларындай аўызбиршиликли, тыныш-татыў, өз-ара дослықта жасап, тәлим алып атыр. Өткерилип атырған бул фестиваль усындай татыўлықтың айқын көриниси болып табылады.
Илаж даўамында фестиваль шеңберинде өткерилген бир қатар таңлаўларға белсене қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизген студентлер ҳәм олардың ата-аналарына шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы, диплом, сертификат ҳәм Миннетдаршылық хатлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Фестиваль қурылыс факультети студент-жаслары ҳәм «Ҳүрлиман» ансамбли ағзалары тәрепинен таярланған, халықлар дослығын сәўлелендириўши концерт бағдарламасы менен оғада заўықлы өтти.
Адилбай Оразов
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.