U-14: Спорт мектеплери футбол лигасы турнири өткерилди

6-9-апрель күнлери аралығында Мойнақ районында 2011-жылы туўылған жас өспиримлер арасында Спорт мектеплери футбол лигасы жарысы өз жуўмағына жетти.
Жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан 15 команда қатнасты.
Үш күн даўам еткен жарыстың ярым финалда Қанлыкөл, Тахтакөпир, Мойнақ ҳәм Хожели районлары жас футболшылары өз-ара беллести. Беллесиўлерде Қанлыкөл районы командасы тахтакөпирли футболшыларды пенальтилер сериясында жеңип шыққан болса, Мойнақ ҳәм Хожели районлары командалары арасындағы ойында мийманлардың қолы бәлент келди.
Солай етип, жарыстың финалында Хожели ҳәм Қанлыкөл районлары ушырасты ҳәм онда хожелиши жас өспиримлер 1:0 есабында жеңип шығып, Қарақалпақстан футбол лигасының жеңимпазына айланды.
Ал, қола медалы ушын болған ушырасыўда болса, Тахтакөпир районы командасы майдан ийелерин жеңип шығыўға миясар болды.
Турнир соңында сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, кубок ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.