Жәҳән кубогинде мүнәсип қатнасқан боксшимиз күтип алынды

344

Усы жылдың 31-март-5-апрель күнлери аралығында Бразилияның Фос-ду-Игуасу қаласында ерлер арасында бокс бойынша Жәҳән кубоги беллесиўлери болып өткен еди.

Чемпионатта Өзбекстан сайланды командасы 5 алтын, 2 гүмис ҳәм 1 қола медалын жеңип алып, улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Командамыздың бундай үлкен жетискенликлерди қолға киргизиўинде қарақалпақстанлы жас боксши Мадияр Данияровтың да қосқан салмақлы үлеси бар екенлигин атап өтиўимиз керек.

Атап айтқанда, 60 кг салмақта беллесиўлерге түскен боксшимиз  ярым финалға шекем жетип келип, чемпионаттың қола медалы менен сыйлықланған еди. Мадиярдың қолға киргизген бул табысы республикамыздың спорт тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылады десек болады. Себеби, буннан алдын Қарақалпақстан бокси тарийхында жәҳән чемпионаты жарысларында ҳеш қандай медаль қолға киргизилмеген еди.

Мадияр Данияровтың ерискен бул табысы менен қутлықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде,   Ташкент қаласынан келген боксшини Нөкис халықаралық аэропортында республикамыз басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери салтанатлы түрде күтип алды.

Күтип алыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы М.Атамуратов, Спорт министри Е.Қутыбаевлар Мадияр Данияровты ерискен бул табысы менен қутлықлап, оның алдағы халықаралық жарысларда да буннан да үлкен жетискенликлерди қолға киргизиўине тилеклеслик билдирди.

-Мениң азы-кем ерискен табысыма қуўанып, қуўанышымды бөлисиў ҳәм қутлықлаў ушын күтип алыўға келген елимиз басшылары ҳәм спорт жакүйерлерине айрықша рахмет айтаман,-дейди Мадияр Данияров.-Әлбетте, ҳәр қандай спортта да табыс өз-өзинен болмайды. Буның ушын қолайлы шараят ҳәм тәжирийбели устазлар керек. Мениң де бүгингидей жетискенликке ерисиўимде әдиўли ата-анам ҳәм устазым Шарап Айтбаев, Өзбекстан сайланды командасы бас тренери Тўлқин Қличев, Қарақалпақстаннын бас тренери Алишер Әўезбаев, бокс федерациясы басшыларына үлкен рахмет айтаман. Алдағы ўақытлары да өзиме билдирилген исенимди толық ақлап, жәҳән ареналарында мәмлекетимиз байрағын бәлентлерге желбиретиў ушын бар күш-жигеримди жумсайман.

Қарақалпақстан хабар агентлиги