Эмомали Раҳмон  әҳмийетли саммитте қатнасыў ушын Өзбекстанға келди (+видео)

465

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммитинде қатнасыў ушын Самарқандқа келди.

Самарқанд халықаралық аэропортында уллы мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.


Кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў жоқары дәрежеге көтерилди.


Өткен жылы товар алмасыў көлеми жети жүз миллион доллардан артты. Санаат, энергетика, электротехника, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда кооперациялық жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, аймақлараралық нәтийжели байланыслар ҳәм жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў жолға қойылған.

Икром АВВАЛБОЕВ,

Отабек МИРСОАТОВ (сүўрет, видео), ӨзАның хабаршылары