Қырғыз Республикасы Президенти Самарқандқа келди (+видео)

433

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров «Орайлық Азия- Европа Аўқамы» биринши саммитине қатнасыў ушын елимизге келди.

Самарқанд халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.


Еслетип өтемиз, саммит күн тәртибине муўапық,  Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы көп тәреплеме қатнасықлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўдың перспективалары көрип шығылады.

Усы жерде Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғыз Республикасы арасында ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыўда жоқары нәтийжелер көрсетилип атырғанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, товар алмасыўдың көлеми жылдың басынан берли 70 процентке артқан. Экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында, атап айтқанда биргеликтеги Инвестициялық қордың жәрдеминде санаат кооперациясы табыслы раўажланбақта.


Энергетика ҳәм транспорт коммуникациялары тараўындағы ири регионаллық жойбарларды, соның ишинде, «Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» темир жолы қурылысын жеделлестириў мәселелери турақлы итибарда.

ӨзА