Руўхый пәклениў, сабыр-қанаат, шүкирлик пазыйлетлери улығланбақта

Пүткил халқымыз быйылғы Рамазан айын ҳәр тәреплеме мүнәсип өткерип, уллы әййям – мубәрек Рамазан ҳайытын көтериңки руўхта белгиледи.

Шынында да, шын мәнисинде адамгершилик идеясы сәўлеленген мүқаддес ислам дининиң ийгиликли қәдириятлары бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларға қаншелли үйлесикли екени Рамазан айында және де айқын көзге тасланбақта.
Руўхый пәклениў, сабыр-қанаат, шүкирлик, қайыр-сақаўат пазыйлетлери улығланатуғын бул айды миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизге сай түрде жоқары дәрежеде өткериў, елимиз мусылманларының ибадат етиў әмеллерин емин-еркин өтеўи ушын барлық шараятлар жаратылды.

Бул мүбәрек айдың “Рамазан – сақаўат, бирлик ҳәм кеңпейиллик айы” деген идея тийкарында өткерилгени жәмийетимизде тынышлық, дослық, мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат орталығын және де беккемлеўге хызмет етти.
Кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлар, кексе, майып ҳәм жалғыз инсанлардың жағдайынан хабар алыў, кәмбағал инсанлардың аўырын жеңил етиў, турақ жайларды ҳәм мәҳәллелерди абаданластырыў, үш әўлад ўәкиллери қатнасыўында ғалаба нәл егиў илажлары ҳәм басқа да көплеген қайырқомлық илажлары өткерилди.
Усы жыл 30-март күни елимиздиң барлық мешитлеринде, соның ишинде, Нөкис қаласындағы «Имам ийшан Муҳаммед» жәмәәтлик мешитинде де мүбәрек Рамазан ҳайыты көтериңки руўхта күтип алынды. Бул уллы әййямда барлық мусылманлар бир-бирин байрам менен қутлықлап, усындай әжайып күнлерге жеткергенине шүкиршилик етти.

Әлбетте, бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.
Барлық мешитлерде имам-хатиплер Өзбекстан мусылманлары мәкемеси тәрепинен усынылған «Рамазан ҳайытыңыз мүбәрек болсын!» тезиси астында баянат жасап, динимиздеги үлкен байрамлардың бири – Ийдул-фитр күни ибадатлары, саўабы, пазыйлетлери ҳаққында мағлыўматлар берди.

Рамазан айы ҳәм ҳайыты мүнәсибети менен 3492 кем тәмийинленген шаңарақлар, бағыўшысын жоғалтқан инсанлар ҳәм жалғыз кекселерге 1 миллиард 967 миллион 492 мың сум муғдарында материаллық жәрдемлер көрсетилди.
Рамазан ҳайыты намазы республикамыздағы 64 мешитте оқылды. Ҳайыт намазында жәми 38 мыңнан аслам адам қатнасты. Намазда ўатанымыздың раўажланыўы, елимиздиң абаданлығы, халқымыздың тынышлығы соралып пәтия етилди.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери.