Миллий баспасөз орайында Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен басып шығарылған «Алтын қәлемли журналистлер» китабы менен таныстырыў мәресими болып өтти.

Илажға елимизде көзге көринген устаз-журналистлер, медиа тараўы ўәкиллери, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар мирәт етилди.

Мәресимди Өзбекстан Журналистлер аўқамы баслығының ўазыйпасын атқарыўшысы Холмурод Салимов ашып, «Алтын қәлемли журналистлер» китабын баспаға таярлаў процесслери ҳаққында мағлыўмат берди.

– Жаңа Өзбекстанның жаңа журналистикасын жаратыў бойынша жумыс алып барар екенбиз, бул процессте журналистиканың тийкары есапланған баспа ғалаба хабар қуралларын раўажландырмай, газета ҳәм журналларымызда рәңбәреңликти тәмийинлемей турып, мақсетке – миллий журналистикамыздың раўажланыўына ерисе алмаймыз, – деди Холмурод Салимов. – Журналистиканың ҳәр қыйлы жанрларында оқылатуғын материалларды жаза алатуғын устазлар бар ўақытта «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында олардың тәжирийбесин жасларымызға үйретиў, қызығыўшылығын арттырыў бойынша бир қатар жумысларды ислеў әҳмийетли болып табылады. Әне, усы жумыслар көлеминде устаз журналистлер «Алтын қәлем» таңлаўы жеңимпазларының ҳәр қыйлы жанрларда шеберлик пенен жазылған ең сайланды материалларынан үлгилерди топлап, китап ҳалында басып шығарыў идеясы пайда болды. «Алтын қәлемли журналистлер» атамасын алған бул топлам дөретиўшилерге бул бағдарда зәрүр қолланба сыпатында хызмет етеди.

Мәресимде «Янги Ўзбекистон» ҳәм «Правда Востока» газеталарының бас редакторы Салим Дониёров ҳәм «Ишонч – Доверие» газеталарының бас редакторы Ҳусан Эрматов, белгили журналист ҳәм публицист Ҳуршид Дўстмуҳаммад, устаз фотограф Абдуғани Жума, «Гулистон» журналының бас редакторы Маматқул Ҳазратқулов, «Ҳуррият» гадетасының бас редакторы Абдурасул Жумақулов Журналистлер аўқамының бул жаңа басламасының әҳмийетине тоқтап өтти.

–   Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде миллий журналистикамызда фельетон, журналистлик үйрениў жанрлары оғада аз, дерлик ушыраспай атыр, – деди «Ҳуррият» газетасының бас редакторы, белгили журналист Абдурасул Жумақулов. – Биз – дөретиўшилер сөздиң қәдирин жоқары көтериўимиз керек. Бүгин таныстырылып атырған китап миллий журналистикамыздың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Аўқам тәрепинен мың дана басып шығарылған бул китапқа 50ге шамалас устаз-журналистлердиң публицисика, журналистлик үйрениў, очерк, фельетон сыяқлы 8 жанр бойынша ең сайланды материаллары киргизилген. Сондай-ақ, китаптан 9 шебер фотожурналисттиң ҳәр түрли ракурстан алынған 70 ке шамалас фотоматериаллары орын алған.

Бул китапты жаратыўда Абдусаид Кўчимов, Аҳмаджон Мелибоев, Ҳуршид Дўстмуҳаммад, Ўткир Раҳматов, Шерзодхон Қудратхўжа, Салим Дониёров, Ҳалим Саидов сыяқлы устаз журналистлер, белгили қәлемкешлер менен кеңесип жумыс алып барылғанын атап өтиў керек.

Мәлим етилгениндей, енди аўқам тәрепинен ҳәр жылы «Алтын қәлемли журналистлер» сериясы астында китап басылып барылады.

Илаж жуўмағында Аўқамға жаңадан қабыл етилген ағзаларға гүўалықлар тапсырылды.

Назокат Усмонова,  

ӨзА