JICA жойбарлары парламентлераралық қатнасықлар ҳәм инсан ресурсларын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе

346

Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA)ниң Өзбекстандағы ўәкилханасының  басшысы Бито Ёшибуми менен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында усы жыл январь айында JICA Президенти А.Танакидиң Өзбекстанға  сапары ҳәм Президент Ш.Мирзиёев пенен ушырасыўы әҳмийетли ўақыя болғаны ҳәм Агентлик пенен нәтийжели бирге ислесиў тарийхында жаңа басқыш ашылғаны атап өтилди.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы бирге ислесиў, әсиресе, JICAның түрли  оқыў жойбарлары парламентлераралық қатнасықлар ҳәм инсан ресурсларын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Бизге белгили, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги 50 жылдан аслам ўақыт даўамында раўажланып атырған мәмлекетлердиң еркин ҳәм турақлы раўажланыўын қоллап-қуўатлаў мақсетинде социаллық-экономикалық раўажланыў ҳәм инсан ресурсларын раўажландырыўға жәрдем берип келмекте.

Быйылғы  жылы мәмлекетлик басқарыў, аўыл хожалығы, энергетика, жеке сектор сыяқлы тараўларда JICA менен әмелий оқыўларды шөлкемлестириў ҳәм бул бағдарларға ҳаял-қызларды кеңирек тартыў мәселелери додаланды.

Соның менен бирге, келешекте аймақлық парламент ўәкиллери – жергиликли Кеңес  депутатлары  ушын маманлығын арттырыў бағдарламаларын енгизиў бойынша пикир алысты.

Н.Абдураимова, ӨзА