Алма атада «ЕА-Орайлық Азия» пуқаралық жәмийети 5-форумы басланды

363

Қазақстанның Алма ата қаласында «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» пуқаралық жәмийети 5-форумы болып өтпекте. Илаждың ашылыў мәресиминде ЕА агентликлери, БМШ, регионаллық ҳүкиметлер ҳәм пуқаралық жәмийети шөлкемлериниң 150 ден аслам ўәкили қатнасты.

Орайлық Азия ушын ЕА пуқаралық жәмийетиниң қоры тәрепинен шөлкемлестирилген үш күнлик мәжилис регионның келешегин белгилеўши әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, санлы трансформация, климат өзгериўи, жәмийеттеги процесслерде жасларлың қатнасы, ҳаял-қызлар ҳуқықы ҳәм имканиятларын додалаўға бағышланған.

БМШ Жойбарлаў хызметлери бойынша бюросы жәрдеминде шөлкемлестерилген әнжуман бирге ислесиўди беккемлеў, регионда нәтийжели басқарыў ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлейтуғын қарарлар қабыллаўда белсене қатнасты хошаметлеў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң имканиятын арттырыўға жәрдем береди.

Структураның Өзбекстандағы ўәкилханасының хабарына бола, бул нәтийжели сөйлесиў майданы қатнасыўшыларға ЕА тәрепинен ислеп шығылған Орайлық Азия стратегиясы ҳәм «Global Gateway» басламасы шеңбериндеги тийкарғы бағдарларды алға қойыў, өз-ара пикир ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын жақсы ғана имканият жаратады.

Еслетип өтемиз, «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» пуқаралық жәмийети 4-форумы 2023-жыл октябрь айында Ташкент қаласында өткерилген.

Беҳруз Худойбердиев, ӨзА