Өзбекстан ҳәм Қазақстан: Сенатлар арасында өз-ара бирге ислесиў және де раўажланады

397

Қазақстан Республикасының Шымкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Қазақстан Республикасы парламенти арасында өз-ара бирге ислесиў бойынша комиссияның төртинши мәжилиси болып өтти.

Онда Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басшылығындағы делегация қатнасты.

Илажда соңғы жыллары еки мәмлекет басшыларының ашық, өз-ара исенимге тийкарланған сөйлесиўи ҳәм беккем сиясий ерк-ықрары себепли Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы бирге ислесиў барлық тараўларды дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық принциплери тийкарында раўажланып атырғаны атап өтилди.

Қызғын ҳәм исеним руўхында өткен мәжилисте еки тәреплеме көп тармақлы шерикликке байланыслы, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы кең көлемли мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан Сенатлары арасындағы парламентлерарарлық комиссия жумысының нәтийжелилигин арттырыў, атап айтқанда, комиссияның 5-мәжилисин өткериў ҳәм оның шеңберинде еки мәмлекет парламентлери арасында жаңа «жол картасы»на қол қойыў усынысы көрип шығылды.

Илаж соңында өз-ара бирге ислесиў буннан былай да ҳүрмет ҳәм бир-бириниң мәплерин есапқа алыў принциплерине тийкарланған ҳалда конструктивлик түрде раўажланып барыўына исеним билдирилди. Онда, парламентлераралық сөйлесиўди және де жедел даўам еттириў нәзерде тутылған.

Комиссияның 5-мәжилисин усы жылдың екиншы ярым жыллығында Өзбекстанда өткериўге келисип алынды.

Нургул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы