Транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша ЕТРБ менен бирге ислесиў кеңеймекте

345

Мәмлекетимизде транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бағдарындағы Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки қатнасыўындағы инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша бирге ислесиў процесслери кеңеймекте.

Транспорт министри Илҳам Маҳкамов ЕТРБның Өзбекстандағы ўәкилханасының директоры ҳәм басшысы Анди Аранитаси менен ушырасты.

Ушырасыўда «жасыл» жәмийетлик транспорттың үлесин арттырыў бойынша Самарқанд қаласына электробуслар сатып алыўдың  I ҳәм II фазалары, Наманган ҳәм Нөкис қалалары ушын электробуслар сатып алыныўы, «Үргенш қаласы –Ханқа қаласы-Хазарасп қаласы- Ташсоқа-Әмиўдәрья-А380 автомобиль жолы»ның 4Р 1560- 84 километр бөлегин реконструкциялаў ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» АЖны санластырыў бағдарындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды, делинеди Транспорт министрлиги мағлыўматында.

Нәтийжеде тәреплер бул жойбарларды әмелге асырыў бойынша биргеликтеги жумысларды жеделлестириўге келисип алды.

ӨзА