Қоңыратта жабық жүзиў бассейни пайдаланыўға тапсырылды

Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районында спорт имаратларын қурыў, соның ишинде, жасларды ғалабалық спортқа кеңнен тартыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Президентимиздиң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы халық арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаўда жүдә әҳмийетли.

Қоңырат регионлық темир жол узелине қараслы Локомотив спорт комплексиндеги жабық түрдеги жүзиў бассейнинде ири оңлаў жумыслары алып барылып, пайдаланыўға тапсырылды. Онда қурылыс жумыслары ушын 1 миллиард сумнан аслам қаржы жумсалып, саламатлықты беккемлеў ҳәм мазмунлы дем алыў ушын барлық шараятлар жаратылды. Заманагөй инвентарлар менен тәмийинленди.
Әлбетте, имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы жаслар арасында спорттың жүзиў түрин кеңнен ен жайдырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги