Локализациялаў бағдарламасы көлеминде 3,5 триллион сумлық қурылыс материаллары ислеп шығарылды

Соңғы жыллары елимиз экономикасының тийкарғы драйверлеринен бири болған қурылыс материаллары санаатында түпкиликли бурылыс дәўири болды.
Санларға итибар қарататуғын болсақ, кейинги бес жылда елимизде инвестициялық орталықты жақсылаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылған унамлы реформалардың нәтийжесинде қурылыс материаллары санааты жедел пәтлерде раўажланбақта.
Алып барылған кең көлемли реформалардың нәтийжесинде тараўда өндирис кәрханаларының саны 10 мыңға, қурылыс материалларының түри 100ге жеткерилди.
2024-жылдың жуўмағына бола, бул дәўирде 40 триллион сумлық қурылыс материаллары ислеп шығарылған. Белгиленген реже 105,4 процентке орынланған. Тараўдың елимиз санаатындағы үлеси 4,8 процентти қураған.
Соның ишинде, 44 миллион квадрат метр қурылыс айнасы, 90 миллион квадрат метр гипсокартон, 17,8 миллион тонна цемент, 52 миллион квадрат метр керамикалық плитка, 365 мың тонна қурғақ қурылыс араласпасы, 6 мың тонна гүлқағаз сыяқлы қурылыс материаллары ислеп шығарылды.
– Өткен жылы тараўда жәми 2,2 миллиард долларлық инвестициялар, соннан 1,4 миллиард долларлық сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлер өзлестирилген, – деди «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы мәлимлеме хызметиниң басшысы Жамшид Шерматов. – 840 миллион доллар экспорт әмелге асырылды. Соның менен бирге, Тайланд, Бельгия, Испания, Франция, Хорватия, Ирак, Бразилия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң базарлары өзлестирилиўиниң есабынан өнимлердиң экспорт географиясы кеңейтилди. Өткен жылдың өзинде қосымша 10 нан аслам жаңа өним экспорт етилди. Қурылыс метериаллары экспортын буннан былай да кеңейтиў, жаңа базарларды өзлестириў мақсетинде «Өзсанаатқурылысматериаллары» ассоциациясы тәрепинен сырт еллерде саўда үйи ҳәм қоймаханалары ашылмақта. Атап айтқанда, Әзербайжан, Аўғанстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлеринде қурылыс материаллары саўдасына қәнигелескен Өзбекстан саўда үйиниң жумысы жолға қойылған.
Локализациялаў бағдарламасы шеңберинде 3,5 триллион сумлық қурылыс материаллары ислеп шығарылыўы, тараўдағы унамлы өзгерислер ҳәм жаңа рекордлар елимиз экономикасының раўажланыўында әҳмийетли қәдем болды. Қурылыс материаллары санаатының жедел раўажланыўы ҳәм жоқары өндирис көлеми, инвестиция ҳәм экспорттың өсиўи, Өзбекстанның глобал базарлардағы статусын беккемлемекте. Сондай-ақ, жаңа базарлар арқалы экспорт географиясын кеңейтиў ҳәм сырт ел саўда үйлерин шөлкемлестириў бойынша алып барылып атырған жумыслар, келешекте елимиз экономикасының раўажланыўына беккем тийкар жаратпақта.
Насиба Зиёдуллаева,
ӨзА