Интернет мағлыўматларына қарағанда, Япония транспорт министрлиги ҳәзирги ўақытта айрықша аймақларға хабарларды жеткерип бериўге қаратылған өзгеше реже үстинде жумыс алып бармақта. Оған бола, енди халық сийрек жасайтуғын, почта жөнетпелерин жеткерип бериў қыйын болған атаўларға өзи ушатуғын дронлар жәрдеминде хызмет көрсетиледи. Бул ушын аймақ жуўапкерлери арнаўлы орын ажыратыўы, сол жерде өзи ушатуғын дронлар болыўы зәрүр.

Байланыс бөлимлериниң хызметкерлери қай жерге ҳәм кимге почта жибериў зәрүр болса, дронға жайластырады ҳәм анық мәнзилди қалдырады. Дрон айтылған мүддетте почтаны өз ийесине жеткерип береди. Министрликтегилердиң айтыўынша, бул ҳәрекетти баслаўға соңғы ўақытларда елде тез-тез жүз берип атырған суў тасқынлары мәжбүр етпекте. Суў тасқынлары жүз берген жерлерге почта жөнетпелерин жеткериў үлкен қыйыншылықлар туўдырмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги