МДҲга аъзо мамлакатлар Туризм бўйича кенгашининг навбатдаги мажлиси 2019 йили Самарқанд шаҳрида бўлиб ўтади

Душанбе қаласында ҒМДАға ағза еллер мәмлекетлик мәлимлеме агентликлери журналистлериниң екинши пресс-туры өз жумысын жуўмақлады. Әнжуманда Өзбекстан, Тәжикстан, Қазақстан, Қырғызстан, Армения, Беларусь ҳәм Россия федерациясының мәмлекетлик мәлимлеме агентликлериниң ўәкиллери қатнасты.

Илажда Дослық Аўқамы еллеринде туризмди раўажландырыўда стратегиялық бирге ислесиў мәселелери додаланды. Соның ишинде, жаслар туризмин раўажландырыў, бул бағдардағы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша тийисли илажлар белгилеп алынды.

IMG_20180811_102500.jpg

Әнжуманда мәлим етилгениндей, ҒМДАға ағза еллердиң Туризм бойынша кеңесиниң гезектеги мәжилиси  2019-жылы Самарқанд қаласында болып өтеди. Бул қарар Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары Абдулазиз Аққуловтың усынысы менен кеңес ағзалары тәрепинен қабыл етилди.

Әнжуманның екинши күни халықаралық пресс-тур қатнасыўшылары Тәжикстанның Ҳисар қаласында болып, XVI әсирде қурылған «Қалаъи Ҳисар» қорғанын көзден өткерди. Сондай-ақ, белгили тәжик шайыры Мырза Турсынзада атындағы қаланы барып көрди. Сурхандәрья ўәлаяты Узын районының жанында жайласқан бул қала жәмийетшилиги журналистлерди «Хуш омедед, биродароне хабарнигор! Хуш омадед!» (Хош келдиңиз, журналист дослар! Хош келдиңиз!) деп саз-сәўбет пенен күтип алды.

Ирисмат АБДУХОЛИҚОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршысы.

Душанбе қаласы.