Елимизге тиккелей инвестицияларды тартыў ушын ең қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириў мақсетинде экономиканы либералластырыў, мәмлекетлик басқарыўды реформалаў, исбилерменлик субъектлериниң жумысына араласыўды шеклеў, лицензиялаў ҳәм рухсат бериўдиң тәртип-қағыйдаларын қысқартыў ҳәм жеңиллетиў, товарлар (жумыслар ҳәм хызметлер)дан еркин пайдаланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, аймақларда зәрүр инфраструктураны жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылғанын атап өтиў керек.

Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.Мирзиёев тәрепинен усы жылдың 1-август  сәнесинде «Өзбекстан Республикасында инвестициялық орталықты түп-тийкарынан жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Мине, усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Нөкис қаласы сектор басшылары тәрепинен сырт ел инвестицияларын тартыўға қаратылған илажлар ҳаққында Нөкис қаласы ҳәкиминиң инвестициялар ҳәм инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм киши санаат зоналары және туризмди раўажландырыў бойынша  орынбасары Полатбек Қудыяровтан жоқарыда көрсетилген илажлар бойынша  исленип атырған жумыслар туўралы мағлыўмат алдық.

– Пайтахтымыз Нөкис қаласының 4 сектор ҳәм  басқа да кәрхана басшылары менен биргеликте елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў мақсетинде усы жыл сырт еллерге  хызмет сапарларына барып, жойбарларға тиккелей инвестиция тартыў бойынша режелер ислеп шығылды. Режеге муўапық, 4 сектор басшыларының жыл ақырына шекем Германия, Россия Федерациясы, Япония, Қубла Корея, Туркия, Қытай, Қазақстан, Әзербайжан, Түркменстан, Италия, Малайзия ҳәм Белорусь еллерине сапарлары режелестирилип, тастыйықланған.

Сырт ел мәмлекетлерине хызмет сапарларынан шөлкемлестириўдеги тийкарғы мақсет – олардың аймақлары менен инвестициялық қатнасықты орнатыў, инвесторларды тартыў ҳәм аймақтың экспорт потенциалын арттырыў, сырт ел исбилерменлери менен ушрасыўлар шөлкемлестириў, жергиликли исбилерменлерден ибарат делегациялар қурамын дүзген ҳалда сырт еллерде өткерилип атырған инвестициялық илажларда қатнасыўды шөлкемлестириўден ибарат.

Өзбекстан Республикасы Президентине таныстырылған  ҳәм сапар етиў баянламасына киргизилген, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған 2018-2019-жылларда Нөкис қаласы бойынша әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы жағдайларын мониторинг етип барыў, әмелге асырыўда пайда болып атырған машқалаларды шешиў бағдарында бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.

Нөкис қаласында 2018-2019-жыллар ушын белгиленген  инвестициялық бағдарламаға муўапық жәми 63 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген болып, бул жойбардың улыўма нырқы  388 млрд. 994  млн. сумды қурайды. Жойбардың әмелге асырылыўы менен 1045 жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилген.

Быйылғы жыл улыўма нырқы 261 млрд. 975 млн. сум болған,  47 жойбарды әмелге асырып, 637 жаңа жумыс орынларын жаратыў белгиленген.

Усы жылдың 1-август ҳалатына, жәми 15 жойбар иске түсирилип, санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында  жәми 70 пуқараның жумыс пенен бәнтлиги тәмийнленди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 9-июль күнги  «2018-2019-жылларда Қарақалпақстан Республикасында санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў жойбарларының мәнзилли дизимин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында Нөкис қаласы бойынша бағдарламаға киргизилген  жойбарларға тармақ кестелери ислеп шығылып, жойбарлардың ҳақыйқый жағдайы үйренилип  шығылды. Нәтийжеде  жойбардың  мүддети созылды  ҳәм  санаат тараўындағы 2 жойбар «Переспективасыз» деп табылды.

Бағдарламаға  жаңадан киргизиў ушын “Alliance sever story” ЖШЖ ның  «Артемия цистасын қайта ислеў хәм экспорт етиў» жойбары усынылды.

Буннан тысқары, жойбарлардың өз ўақтында иске түсирилиўи бойынша күнделикли мониторинг орнатылған болып, ҳәр бир жойбар ушын  коммерциялық банклерге кредит ҳүжжетлери тапсырылыўының кешигиў себеплери, ҳүжжет тапсырылғаннан кейин өз ўақтында кредит қаржысы  ҳәм жойбарлардың әмелге асырылыўында жер орынларының ажыратылыўы, имаратлар менен тәмийинлениў дәрежеси, әсбап-үскенелердиң өз ўақтында алып келиниўи, бажыхана ҳәм салық уйымлары менен байланыслы машқалалар, инфраструктура менен тәмийинлениў дәрежеси, жойбарлардың иске түсирилиў ўақтынан кешигиў себеплери ҳәм басқа да  мәселелер және машқалалар үйренилип, қадағаланып барылмақда.

Нәтийжеде, қысқа ўақыт ишинде усы жыл иске түсирилиўи режелестирилген 47 жойбардан 3 жойбарға жер ажыратылып, 15 жойбарға банк кредити өз ўақтында ажыратылыўына ерисилген болса, 3 жойбарға электр энергиясы ҳәм газ тәмийнаты бойынша жуўапкер кәрханалардың басшы хызметкерлери тәрепинен «кепиллик хатлары» алынып, белгиленген жойбарларды өз ўақтында иске түсириў илажлары көрип барылмақта.

Нөкис қаласы бойынша жәми 26 млн. 425 мың АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестициясы киргизлген болып, соның ишинде 25  млн. 680 мың АҚШ доллары тиккелей сырт ел инвестициялары, 227,5 мың АҚШ доллары халықаралық шөлкемлердиң кредитлери ҳәм
32 мың АҚШ доллары сырт ел грантлары есабына туўра келеди.

Атап айтқанда,  ,  «Uz-Kor Gas Chemical»   ЖШЖ қоспа кәрханасының 25 млн 279 мың АҚШ доллары, «ZARUBEJNEFTEGAZ-GPD TSENTRALNAYA AZIYA» ЖШЖның 154, 0  мың АҚШ доллары,  «NUKUS MED TEX» ЖШЖ қоспа кәрханасының 129,4 мың АҚШ доллары, «NUKUSELECTROAPPARAT»     ЖШЖ ның 82,6  мың АҚШ доллары, «ALLIANCE SEVER STORY»   ЖШЖ 35 мың АҚШ доллары, «ISENIM SAWDA» ЖШЖ ның 33,6 мың АҚШ доллары муғдарындағы тиккелей сырт ел инвестициялары алып келинген.

2018-2019-жылларда шарўашылық ҳәм мийўе-палыз өнимлери тараўында Халықаралық қаржы шөлкемлериниң кредит қаржылары есабынан әмелге асырылыўы режелестирилген «Назархон Бройлер» ЖШЖ тәрепинен сүт өнимлерин қайта ислеў үскенелерин сатып алыў ушын Жәҳән банки есабынан 227,5 мың АҚШ доллары муғдарында кредит алды.

Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыў қураллары менен тәмийинлениўи Япония мәмлекетиниң гранты тийкарында 32 мың АҚШ доллары муғдарындағы үлеслерине туўра келеди.

Мағлыўмат ушын cоны да атап өтпекшимиз, Нөкис қаласында ҳәзирги күнде 19 сырт ел қоспа кәрханасы  болып, соннан  усы жылы 2 сырт ел қоспа кәрханасы иске түсирилген (“Alliance Sever Story”   ЖШЖ,  “Isenim Sawda” ЖШЖ).

Әлбетте, бундай илажлар елимиз экономикасына өзиниң унамлы тәсирин тийгизип, мәмлекетимиздиң гүллеп, елимиздиң раўажланыўына хызмет ететуғынына исенимимиз кәмил.

 

Т. СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы