МДҲ журналистлари туризмни ривожлантириш масалаларини муҳокама қилмоқда

Душанбе, 10-август. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Ирисмат АБДУХОЛИКОВ хабар береди.

Тәжикстан Республикасы пайтахтында  ҒМДАға ағза еллер мәмлекетлик  мәлимлеме агентликлериниң журналистлери ушын екинши пресс-тур өз жумысын баслады. Онда Өзбекстан, Тәжикстан, Қазақстан, Қырғызстан, Беларусь, Армения ҳәм Россия ўәкиллери қатнаспақта.

Әнжуманнан гөзленген мақсет ҒМДА еллериниң туристлик потенциалын көрсетиў, тараўда қолға киргизилип атырған жетискенликлерди ғалаба ен жайдырыў, жүзеге келип атырған машқалаларды үйрениў ҳәм олардың шешими бойынша зәрүр илажларды белгилеп алыў болып есапланады.

Илаждың ашылыўында Тәжикстан Республикасы Президенти Атқарыў аппаратының жуўапкер ўәкили Адҳам Маъмурзода шығып сөйлеп, пресс-тур қатнасыўшыларына табыс тиледи. Тәжикстан ҳүкимети жанындағы Туризмди раўажландырыў комитетиниң баслығы  Нўъмон Абдуғаффорзода ҳәм басқалар елимизде ишки ҳәм сыртқы туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Туризм перспективалары, соның ишинде, соңғы жыллары пайда болып атырған экологиялық, саламатландырыў, саяхат ҳәм аң сыяқлы жаңа бағдарларды ғалаба ен жайдырыў бойынша пикир алысылды.

SHuroi-sajyohii-IDM2.jpg

ҒМДА еллери басшыларының туризмди раўажландырыўға байланыслы пикир ҳәм көзқараслары уқсас. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бул ҳаққында сөз етип, туризм стратегиялық тараў болып, экономиканы ҳәрекетке келтиретуғын локомотив екенин көп атап өтеди. Мәмлекетимиз басшысының айтқанындай, туризм турмыстың мазмунын байытыўға етиўге хызмет етеди. Сол себепли   бул тараўды раўажландырыўға айрықша итибар бериў, туристлер ушын барлық шараятты жаратыў зәрүр.

Әнжуманда Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары Абдулазиз Аққулов елимизде туризмди раўажландырыў жолында кең көлемли жумыслардың әмелге асырылғаны. соның ишинде, сырт елли туристлерди көбирек тартыўға қаратылған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар, елимиздиң туристлик имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берди.

Тәжикстан Республикасында да туризмди раўажландырыўға үлкен итибар берилмекте. Сырт елли туристлерди елге кеңирек тартыў мақсетинде бажыхана салығы бойынша бир қатар жеңилликлер енгизилген, жаңадан шөлкемлестирилген туристлик компаниялары, туристлик хызмет орайлары, мийманханалар, санаторийлар қосымша қун салығынан 5 жылға азат етилген. 112 елдиң пуқаралары ушын жеңиллетилген виза системасы енгизилди.

Тәжикстанның туризм бағдарындағы имканиятлары ҳаққындағы хабар ҳәм мағлыўматлар интернет сайтларында тәжик, рус, инглис, немис, француз. испан, араб, япон ҳәм қытай тиллеринде берилмекте. Үгит-нәсиятлаў жумысларының нәтийжеси де көзге анық тасланып тур – усы жылдың өткен дәўиринде Тәжикстанға 135 мәмлекеттен туристлер келген.

Тәжикстан Республикасы Президенти Имомали Раҳмонның басламасы менен 2018-жыл елде Туризмди раўажландырыў ҳәм халық өнерментшилиги жылы, деп жәрияланған. Усы мүнәсибет пенен «Рангоранг» атлы мәдений-туристлик фетиваль өткериў, бийиклиги 7495 метр болған Исмоил Сомоний шыңына шығыў бойынша альпинистлердиң халықаралық экспедициясын шөлкемлестириў дәстүрге айланды.

2018-жылы ҒМДАға Тәжикстан Республикасы басшылық етпекте. Сол себепли быйылғы жыл Дослық Аўқамының бирге ислесиў бағдарламасында нәзерде тутылған барлық илажлар Тәжикстанда өткерилмекте.

ӨзА