Елимиздиң абатлығы, пайызлы ҳәм көркем, заманагөй келбети қурылысшылардың машақатлы мийнети менен тығыз байланыслы. Саўлатлы имаратлар, рәңбәрең жылўалар менен ағып турған фонтанлар, кең ҳәм айдын жоллар, сулыў дем алыў бағлары, бийик көпирлерди көрип олардың мийнетине рахмет айтамыз. Президентимиздиң басламасы менен елимизде август айының екинши екшембиси қурылыс тараўы хызметкерлери күни етип белгиленген.

Пайтахтымыздағы «Түркистан» сарайында шөлкемлестирилген салтанатлы илажға қурылысшылар ҳәм архитекторлар, инженерлер, жол қурыўшылар, тараўдың пидайы қәнигелери мирәт етилди.

Салтанатлы илажды Өзбекстан Республикасы қурылыс министри А.Тўхтаев кирис сөз бенен ашты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң елимиздиң қурылыс тараўы хызметкерлерине байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары О.Раматов оқып еситтирди.

12.JPG

Илажда атап өтилгениндей, ғәрезсизлик жылларында елимизде қурылыс, архитектура ҳәм қала қурылысында өзине тән дәстүрлер қәлиплести. Елимизде қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумысларына қаратылып атырған жоқары итибардың нәтийжесинде тараўда үлкен жетискенликлер қолға киргизилмекте. Қала ҳәм аўыллық елатлы пунктлердиң архитектуралық келбетин түп-тийкарынан жаңалаў, оларды заманагөй қала қурылысы талаплары тийкарында раўажландырыў, халықтың турақ жай ҳәм социаллық-турмыслық шараятын жақсылаўға қаратылған комплексли илажлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде бүгинги күнде елимиз үлкен қурылыс-абаданластырыў майданына айланды.

Бул қурылыс-абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў ушын елимизде көплеген жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер, бас жойбарлаў институтлары, жойбарлаў шөлкемлери нәтийжели жумыс алып бармақта. Жоқары билимлендириў дәргайларында тараў ушын қәниге кадрлар таярланбақта.

Соңғы жыллары қурылыс, архитектура ҳәм жойбарластырыў бойынша миллий нызамшылық турақлы түрде жетилистип бармақта. Тастыйықланған мақсетли бағдарламалар шеңберинде арзан үлги жойбардағы турақ жайлар, көп қабатлы жайлар қурылмақта. «Абат мәҳәлле», «Абат аўыл» бағдарламаларын турмысқа избе-из енгизиўде, дәрья ҳәм каналларымыздың азадалығы, жағаларының абаданлығын тәмйинлеўде қолы гүл қурылысшыларымыздың үлеси үлкен болмақта. қысқа ўақытта көплеген социаллық тараў объектлери, саўлатлы спорт сарайлары, ири объектлер ҳәм инфраструктура, санаат, өндирис объектлери, заманагөй талапларға жуўап беретуғын дем алыў бағлары пайдаланыўға тапсырылмақта. Тунеллер, көпирлер, заманагөй транспорт жоллары, жедел дәўир руўхын өзинде сәўлелендиретуғын исбилерменлик орайлары гөззал пайтахтымыздың келбетин пүткиллей өзгертип жиберетуғынына гүман жоқ. Қала қурыўшыларымыз ҳәм архитекторларымыздың мийнети менен елимиздиң барлық көшеси танып болмас көриниске кирмекте.

Тараўды жедел раўажландырыў, қурылыста жаңа технологиялар ҳәм энергия үнемлейтуғын материалларды қолланыў, қурылыс-жумысты бөлип алыў ҳәм жойбарлаў шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, олар ушын маман кадрлар таярлаў системасын күшейтиў тараўды раўажландырыўдың жаңа дәўирин баслап берди. Қурылыс-қала қурылысы, архитектуралық бағдарда жедел реформалардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде бүгинги күнге келип тараў өз раўажланыўының жаңа басқышына көтерилди. Үлкен қурылыс жумыслары процесинде миллий мәнәўиятымызға үлкен үлкен қосқан ойшыллар жайласқан зыяратханаларды оңлаўға, оларды абат орынларға айландырыўға үлкен итибар қаратылмақта.

1 (1).JPG

Илажда тараўда көп жыллар даўамында пидәкерлик пенен мийнет еткен қурылысшы, жол қурыўшы, инженер ҳәм архитекторлар мәмлекетимиздиң жоқары орден ҳәм медальлары менен сыйлықланды. Мәжилисте шығып сөйлегенлер тараўды раўажландырыў, адамлар ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў, қурылысшылардың мийнетин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы итибар ушын мәмлекетимиз басшысына шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

– Қурылысшы ямаса архитектор кәсибиниң нәтийжеси қанша жыллар бой көрсетип турады,- дейди «Фидокорона хизматлари учун» орени ийеси, Әндижан районындағы «Көшпели механизацияласқан кәрхана» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң директоры Тоҳиржон Ҳамидов. – Қурылған имарат ҳәм объектлер халықтың мәплерине, турмысымыздың абаданлығына, елимиздиң раўажланыўына хызмет етип атырғанын көриўден де жоқары бахыт барма! Сонда барлық қыйыншылықлар артта қалғаны, мийнетиң ел-журттың пайдасы жолында екенин шын жүректен сезесең. Биз қурылысшыларға көрсетилип атырған үлкен итибардан кеўлимиз көтерилди. Бул болса,  және де көбирек ғайрат пенен мийнет етиўге шақырады.

Көркем өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўындағы үлкен концерт байрамға пайыз, көтериңки кейпият бағышлады.

 

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы