Ҳүрметли дослар!
Ҳүрметли қурылысшылар!
Сиз, әзизлерди – елимиздиң қурылыс тараўын раўажландырыўға ылайықлы үлес қосып киятырған барлық журтласларымызды бүгинги кәсиплик байрамыңыз – Қурылыс тараўы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлайман.
Мине усы қутлы әййямда сизлерге өзимниң атымнан, халқымыздың атынан жақсы тилеклер ҳәм терең миннетдаршылық билдиремен.
Биз сизлердиң тымсалыңызда өз мийнети менен қала ҳәм аўылларда пүткил елимизде жаңа өндирис кәрханалары, әҳмийетли социаллық объектлер, саўлатлы турақ жайлар, жол ҳәм көпирлер қурып, турмысымызды буннан былай да абат, сулыў ҳәм тартымлы етиў жолында пидәкерлик пенен мийнет етип атырған уллы кәсип ийелерин көремиз.
Соны айрықша атап өтиў керек, ҳәзирги күнде пүткил елимиз сыяқлы қурылыс тараўы да өз раўажланыўының жаңа басқышына көтерилмекте.
Экономикамызда әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, социаллық турмысымыздағы үлкен өзгерислер, соның ишинде, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде белгилеп алған ўазыйпаларымыз тараўдың раўажланыўын пүткиллей жаңаша тәризде, илим ҳәм инновацияның жетискенликлери тийкарында шөлкемлестириўди талап етпекте.
Қурылыс бағдарындағы жумысларымыздың көлемин бир ғана «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде елимиздеги 159 районда 416 аўылды абаданластырыў бойынша ислеп шығылған бас режелер тийкарында қысқа мүддетте 320 мектеп, 231 мектепке шекемги билимлендириў, 148 денсаўлықты сақлаў мәкемеси ҳәм 77 мәкан пуқаралар жыйынының имаратлары, көплеген көше ҳәм майданшалар, жәмийетлик орынларда үлкен қурылыс жумыслары алып барылып атырғанында көриў мүмкин.
Бул бағдарда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қатнасықлары, қурылыс шөлкемлери ҳәм халық пенен бирге ислесиў сыяқлы жаңаша жумыс түрлери нәтийжели қолланылып атырғанын айрықша атап өтиў керек.
«Абат мәҳәлле» бағдарламасы бойынша 2018-жылы елимиздиң 148 мәҳәллесинде оңлаў, ишимлик суў, электр, тәбийғый газ тармақлары, ишки жоллар, социаллық тараў ҳәм базар инфраструктурасы объектлеринде қурылыс-оңлаў жумыслары басланып, өзиниң дәслепки нәтийжелерин берип атырғаны бәршемизди әлбетте қуўандырады.
Пүткил елимизди қамтып алған әне усындай салмақлы жумысларда, сондай-ақ, быйыл үлги жойбарлар тийкарында қурылатуғын 3,5 миллион квадрат метрден ибарат 28 435 арзан турақ жайларды қурыўда биз, бәринен бурын сизлердиң профессионал билимиңиз бенен тәжирийбеңизге, жоқары шеберлигиңизге исенемиз.
Халқымыздың турмыс сапасын ҳәм дәрежесин арттырыўға тиккелей хызмет ететуғын бундай ийгиликли ислер ҳаққында сөз еткенде, елатлы пунктлерди қурыўда комплексли қатнас жасаў тийкарында турақ жай, түрли имаратлар ҳәм объектлер менен бирге аймақларда социаллық инфраструктура объектлери, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары, билимлендириў, медицина ҳәм мәденият мәкемелери, жаңа дем алыў бағлары ҳәм қыябанлар, фонтанлар, балалар майданшалары ҳәм спорт объектлери қурылып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтиў зәрүр.
2018-жылғы Инвестициялық бағдарлама бойынша 1 114 социаллық тараў объектлеринде кең көлемли қурылыс, реконструкция ҳәм ири оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Бүгинги күнде «саҳрадағы әжайыбат» деп тән алынған Қандым газди қайта ислеў комплекси, елимиздеги жаңадан-жаңа еркин экономикалық зоналар, санаат аймақларындағы ири объектлердиң қурылысы, түрли коммуникация тармақлары – булардың бәри сизлердиң машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнетиңиздиң нәтийжеси екенин халқымыз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.
Ҳәзирги ўақытта елимизде қурылыс материаллары санааты жедел раўажланып атырғаны да тараўдың раўажланыўында әҳмийетли рол атқармақта. Бир ғана турақ жай қурылысында пайдаланылып атырған сапалы қурылыс материалларының 95 проценти жергиликли кәрханаларда ислеп шығарылып атырғаны буны айқын дәлиллейди. Ең әҳмийетлиси, бундай өзгерислер бой тиклеп атырған имаратлардың беккемлигин ҳәм баҳасы салыстырмалы түрде арзанлығын тәмийинлеўде, жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етпекте.
Ҳәзирги ўақытта заман, реформаларымыздың өзи барлық тараўлар сыяқлы бул тараўда да жаңа, және де әҳмийетли ўазыйпаларды алдымызға қоймақта.
Атап айтқанда, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, аўылларды район орайлары менен байланыстыратуғын заманагөй жоллар қурыў, үлги жойбарлар тийкарында жаңа бақшалар, мектеплер, шаңарақлық поликлиникалар қурыў, базар инфраструктурасы объектлери ҳәм сервис шақапшаларын көбейтиў, халықты ҳәм жумысты бөлип алыўшы шөлкемлерди, исбилерменлик субъектлерин қурылыс материаллары менен орайласқан түрде тәмийинлеў системасын жолға қойыў, қурылыс тараўын жаңа инновациялық хызметлер менен толықтырып барыў, тараў ушын жоқары қәнигели кадрлар таярлаў сыяқлы мәселелер биз ушын оғада әҳмийетли болып табылады.
Қолы гүл Өзбекстан қурылысшылары бар билим ҳәм тәжирийбесин, күш ҳәм имканиятларын жумсап, усындай уллы ўазыйпаларды, әлбетте, мақтаныш пенен атқарады.
Әзиз ҳәм ҳүрметли қурылыс тараўы хызметкерлери!
Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге денсаўлық, шаңарақлық бахыт ҳәм шаңарақларыңызға пайыз-берекет тилеймен.
Елимиздиң абатлығы, халқымыздың абаданлығы жолында алып барып атырған ийгиликли ислериңизде бәрқулла жетискенликлер ҳәм табыслар яр болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти