Усы күнлери Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрьдеги «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2018-жылдың мәнзилли бағдарламасына киргизилген пуқараларға Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы алдынан руўхый ҳәм материаллық жақтан жәрдем көрсетиў илажлары әмелге асырылмақта.
Бул илажларға жергиликли ҳәкимликлердиң ўәкиллери, орынлардағы медициналық бирлеспелердиң, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша районлық кеңеслердиң хызметкерлери, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының ўәкиллери қатнаспақта.
Усындай илажлардың бири Кегейли районында да болып өтти. Райондағы «Қусханатаў» МПЖ турғыны, кем тәмийинленген шаңарақлардың дизиминде туратуғын А.Жақсымуратов пенен А.Дуримованың 2001-жылы туўылған баласы Азизбек Дуримовқа 37 атамадағы улыўма баҳасы 4 миллион сумлық дәри-дәрмақ ҳәм медициналық буйымлар тапсырылды.
– Балам Азизбек туўылғанлы берли қуўық жолындағы кеселлик себепли турақлы түрде емленип келмекте. Усы ўақытқа шекем оған алты мәрте операция исленди. Шыпакерлер енди оны операция етиўге болмайды, деп ескертти. Тек ғана дәри-дәрмақлар жәрдеминде турақлы түрде емленип барса жақсы болады деди.
Ҳүкиметимизге, районлық медицина бирлеспесиниң басшыларына мыңда-бир рахмет. Балам ушын еки жылға жететуғын дәри-дәрмақ берди,-дейди анасы Азима Дуримова.
Қайырқомлық илажлары даўам етпекте.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен ҳәр бир районнан 6 адамға 4 миллион сумлық, жәми 384 миллион сумлық дәри-дәрмақ берилиўи режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.