Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Жоқары оқыў орынларын раўажландырыў қоры ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарардың жойбары жәрияланды, деп жазады Kun.uz сайты.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Жоқары оқыў орынларын раўажландырыў қоры ҳаққындағы режеге муўапық, қордың жумысларын басқарыў ҳәм оның қаржыларын бөлистириў Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри басшылық ететуғын Қорды басқарыў кеңеси тәрепинен әмелге асырылады.

Кеңестиң қурамы Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри тәрепинен тастыйықланады. Кеңес қурамына Министрлик ҳәм жоқары оқыў орынларының басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлери (7-9 адам) киргизиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги