Алдан хабар бергенимиздей, усы жылдыӊ 2―5-декабрь күнлери Түркияныӊ Стамбул қаласында ТҮРКСОЙ халықаралық түркий халықлар мәденияты шөлкеми менен биргеликте уллы шайырымыз Әжинияз Қосыбай  улы туўылғаныныӊ 200 жыллығы кеӊ түрде белгиленди.

4-декабрь күни  Стамбул қаласындағы Бакчилар беледиесиниӊ концерт залында қарақалпақ ҳәм өзбек көркем өнер шеберлери менен ϴзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими дөретиўшилик жәмәәти тәрепинен  Әжинияз Қосыбай улыныӊ дөретиўшилигине бағышланған «Айт сен Әжинияздыӊ қосықларынан» атамасындағы концерт бағдарламасы болып өтти.

Илажға ТҮРКСОЙ түркий халықлар мәденият шөлкеми баслығы Султан Раев, Бакчилар беледиеси ҳәкимлиги менен делегациямыз ағзалары, түркиялы жерлеслеримиз ҳәм жаслар қатнасты.

Концерттиӊ ашылыў мәресиминде ТҮРКСОЙ шөлкеми баслығы Султан Раев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Расул Зарикеевлер сөзге шығып, өткерилип атырған илаждыӊ әҳмийетине кеӊ түрде тоқтап өтти. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Расул Зарикеев ТҮРКСОЙ шөлкеми баслығы Султан Раевқа Түркияда уллы шайырдыӊ дөретиўшилигин үгит-нәсиятлаўда ҳәм Әжинияз Қосыбай улыныӊ 200 жыллық юбилейин кеӊ түрде белгилеўде көрсеткен әмелий жәрдеми ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ “Миннетдаршылық” хатын ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.

Атап өтилгениндей, ϴзбекстан ТУРКСОЙ ― түркий халықлар мәденият шөлкеминиӊ толық ҳуқықлы ағзасы болып, шөлкем ўәкиллиги шеӊберинде көплеген илажларды әмелге асырып, жоқары нәтийжелерге ерисилмекте.

Қарақалпақ халқыныӊ уллы шайыры ҳәм ойшылы, соныӊ ишинде түркий халықлар руўхый дүньясыныӊ жыршысы болған Әжинияз Қосыбай улы туўылғаныныӊ 200 жыллығы мүнәсибети менен өткерилип атырған бүгинги илаж да әне усы жумыслардыӊ үзликсиз даўамы болып табылады.

Айрықша атап өтиў орынлы, ϴзбекстан Репсубликасы Президенти  Шавкат Мирзиёевтиӊ басламасы менен “Қарақалпақ халқыныӊ атақлы шайыры ҳәм ойшылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғаныныӊ 200 жыллығын кеӊ түрде белгилеў ҳаққында” ғы қарары  ҳәм оныӊ ЮНЕСКОныӊ халықаралық юбилейлер режесине киргизилгени,  шайыр дөретиўшилигиниӊ бийбаҳа мийрасы улыўмаинсаныйлық әҳмийетке ийе екенлигенен дәрек береди.

Әжинияз Қосыбай улыныӊ шығармалары түрк, түркмен, қазақ, қырғыз, инглис ҳәм түркий тиллес халықлар тилине аўдарма исленип, сүйип оқылмақта.

Тек ғана Түркия Республикасыныӊ өзинде Түрк академиясы профессоры Хусайн Йилдирим тәрепинен Әжинияз шайыр шығармалары түрк тилне аўдарма исленип, баспадан шыққанлығын, Памукқала университети профессоры Жайҳун Ведат Уйғурдыӊ көп жыллардан берли қарақалпақ тили ҳәм әдебиятын тереӊ изертлеп атырғанлығын ҳәм оныӊ “Қарақалпақша түркше сөзлиги” китап болып шығарылғанлығын, жақын ўақытлар ишинде Анкарадағы Ҳажы Байрам Вели, Стамбул ҳәм  Памукқала университетлеринде Әжинияз Қосыбай улыныӊ 200 жыллығы кеӊ түрде белгиленгенлигин айрықша атап өтиў орынлы.

ϴткерилген концерт бағдарламасында елимизге белгили көркем өнер шеберлери тәрепинен Әжинияз шайыр дөретиўшилигине байланыслы қосықлар атқарылып, жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Илаж соӊында республикамыздың делегация ағзаларына ҳәм концерт қатнасыўшыларына ТҮРКСОЙ шөлкеми тәрепинен  “Ҳүрмет жарлық” лары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Әлбетте, жоқарыда атап өтилген жумыслар ертеӊги күн тарийх бетлеринен орын алыў менен бирге, еллеримиз арасындағы дослық ҳәм мәдений қатнасықлардыӊ беккемлениўине тереӊ тийкар жаратады.

Гүлмира Палўанова,
Қарақалпақстан Республикасы мәденият министрлигиниң баспасөз хаткери. 
Қарақалпақстан хабар агентлиги