Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы директоры Ф.Абдухолиқов басшылығындағы ағартыўшы илимпазлардан ибарат делегация Уллы Британияның Кембридж қаласындағы бир қатар илимий –мәдений мәкемелерде ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерди.
Бул ушырасыўда Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Матуридий, Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайлары ҳәм Халықаралық ислам академиясының басшылары, илимпазлар қатнасты.
Кембридждеги Пембрук колледжинде Шығыс көркем әдебиятының сийрек ушырасатуғын дүрданасы есапланған Фирдаўсийдиң «Шахнама» шығармасына бағышлап өткерилген халықаралық конференция оғада қызғын руўхта өтти.
Әнжуманда Уллы Британия, Австрия, Франция, Германия, АҚШ, Нидерландия, Әзербайжан, Иран, Тәжикстан, Қазақстан ўәкиллери қатнасты.
Конференцияда «Шахнама» шығармасының дүнья фондларында сақланып атырған қолжазба нусқалары талланып, Шығыс көркем әдебиятының бүгинги мәдений турмысқа тәсири толық додаланды.
Әнжуманда Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының директоры Ф.Абдухолиқов шығып сөйлеп, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген илимий орайлар, Халықаралық ислам академиясының жумысы, бул мәкемелер тәрепинен бай илимий мәнаўий мийрасымызды үйрениў, оны халқымыз ҳәм дүнья илимий жәмийетшилигине таныстырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Өзбекстанда диний-ағартыўшылық тараўда әмелге асырылған реформалар ҳәм Ислам цивилизациясы орайы қурылыўының әҳмийети ҳаққында фильм көрсетилди.
«Өзбекстан мәдений мийрасы дүрданалары дүнья топламларында» альбомларының презентациясы өткерилди.
Абырайлы илаж қатнасыўшылары Өзбекстанның ески тарийх ҳәм бай илимий-мәдений мийрасқа ийе екенин атап өтти. Теберик елимизге келип Самарқанд ҳәм Бухара сыяқлы гөззал қалаларға барыў тилегин билдирди.
Өзбекстанның бай тарийхын дүнья бойлап кеңнен үгит нәсиятлаў оғада үлкен әҳмийетке ийе, – деди Кембридж университетиниң профессоры Жан Мишель Массинг. Бул мийрас Жер жүзи бойлап тарқалып кеткен. Оларды топлаў, үйрениў ушын дүнья илимпазларының ҳәрекетлерин бирлестириў зәрүр. Шөлкемлестирилген көргизбе де усы мақсетти әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ, конференция қатнасыўшылары Өзбекстандағы диний кеңпейиллик ҳәм миллетлераралық татыўлық орталығын жоқары атап өтти. Усы жыл май айында Самарқандта болып өткен Темурийлер дәўири қолжазбаларына бағышланған халықаралық конференция өзиниң әҳмийети екенлиги менен сырт елли илимпазлардың итибарын тартқаны атап өтилди. Кейинги жылларда да биргеликте усы сыяқлы халықаралық илимий конференцияларды өткериў зәрүрлиги атап өтилди.
Н.Усмонова,
ӨзА