Өзбекистан Республикасы  Министрлер Кабинетиниң усы жыл   6-апрельдеги «Улыўма орта билим бериў ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўдиң мәмлекетлик билимлендириў стандартларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ҳәм 15-марттағы «Улыўма орта билим бериў ҳаққындағы нызамды тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарлары билимлендириў тараўында түпкиликли өзгерислерди жүзеге шығарды. Билимлендириў тараўы бағдарындағы елимизде әмелге асырылып атырған реформалар жаңа басқышқа енди.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен барлық қалалық ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлимлеринде усы жыл 22-25-август күнлери өткерилген дәстүрий Август кеңеслеринде тийкарғы итибар усы нызам ҳүжжетлеринде көрсетилген мәселелерге қаратылды.

Билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, ири оңлаў, заманагөй оқыў-лаборатория үскенелери, компьютер техникасы ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар менен  тәмийинлеў бойынша жумысларды әмелге асырыў арқалы олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тармағын кеңейтиў, балалардың интеллектуаллық, эстетикалық ҳәм физикалық раўажланыўы ушын усы мәкемелердеги шараятларды түп-тийкарынан жақсылаў, балаларды мектепке шекемги  билимлендириў менен қамтып алыў көлемин кеңейтиў ҳәм оның қолайлылықларын тәмийинлеў, педагоглардың ҳәм қәнигелердиң билим дәрежесин арттырыў, улыўма орта билим бериўдиң сапасын жақсылаў, шет тиллер, информатика, математика, физика, химия, биология сыяқлы талап жоқары болған пәнлерди тереңлестирилген түрде үйрениў, балалардың спорт пенен  ғалаба түрде шуғылланыўына, музыка ҳәм көркем өнерге дыққатын қаратыў мақсетинде жаңа балалар спорты объектлерин, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплерин қурыў,  барларын реконструкциялаў, билим бериў ҳәм оқытыўдың сапасын баҳалаўдың халықаралық стандартларын енгизиў тийкарында жоқары билим мәкемелери белсендилигиниң нәтийжелилигин арттырыў, илим-изертлеў ҳәм инновация искерлигин хошаметлеў, илимий ҳәм инновация жетискенликлерин әмелиятқа енгизиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў сыяқлы көплеген ўазыйпалар өз нәўбетинде ҳәр бир хызметкерден 2017-2018-оқыў жылында ғайрат пенен ислеўин, пидайылықты талап етеди.

Бул август кеңеслеринде тараў хызметкерлериниң алдына көплеген ўазыйпалар қойылды.

Секция жыйналысларында, ерискен жетискенликлер менен бирге  халық пенен өткизилген ушырасыўларда билдирилген усыныслар тийкарында  билимлендириўди раўажландырыўды тәмийинлеўге итибар қаратыў, компетенциялық қатнасықларға тийкарланған  мәмлекетлик  билимлендириў стандартлары, оқыў бағдарламалары, сабақлықлардағы өзгерислерди ҳәр бир педагог хызметкерге жеткериў, Халық билимлендириў министрлиги басламасы менен өткерилген баслаўыш билим бериў муғаллимлери, тәбийғый ҳәм анық пәнлер, жәмийетлик пәнлер, әмелий пәнлер бойынша оқытыўшылардың Республика форумы усыныслары ҳәм январь айынан усы күнге шекем шөлкемлестирилген (тәбийғый ҳәм анық пәнлер, жәмийетлик, әмелий пәнлер) бағдарындағы  видеосеминарлардың материалларының мазмун-мәнисин ҳәр бир оқытыўшыға жеткериў бойынша тийкарғы бағдарлар белгилеп алынды.

Сондай-ақ, оларда улыўма орта билим бериўдиң жаңа Мәмлекетлик билимлендириў стандартларын басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизиў, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15-марттағы «Улыўма орта билим бериў ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарын әмелиятқа енгизиў, билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық-тәрбия жумысларын еле де нәтийжели шөлкемлестириў  сыяқлы мәселелер додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Секция жыйналысларында, билимлендириў процесине енгизилетуғын оқыў реже, оқыў бағдарламасы ҳәм сабақлықтағы өзгерислер педагог хызметкерлерге жеткерилип, муғаллимлерге хабар коммуникация технологиялары электрон ресурслар ҳәм мултимедиа қуралларынан пайдаланыў бойынша усыныслар берилди.

– Өткерилген Август кеңеслеринде «Тәлим-тәрбия сапасын тәмийинлеў – бас ўазыйпамыз!» сүрени астында халық билимлендириў тараўы хызметкерлериниң жуўапкершилигин ҳәм искерлигин арттырыў,  2016-2017-оқыў жылы жуўмақлары бойынша өткерилген билим бериў сапасы мониторинги, пән Олимпиадалары, билимлер беллесиўлеринде оқыўшылардың билимлеринде анықланған бослықлар ҳәм оларды толтырыў бойынша усыныслар берилип, муғаллимлердиң кәсиплик шеберлигин арттырыў, алдыңғы тәжирийбелерди ен жайдырыў арқалы жаңа оқыў жылында тәлим-тәрбия сапасын еле де арттырыў бойынша баслы ўазыйпаларды белгилеп алыў тийкарғы мақсет етип қойылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы ХБМ Республикалық оқыў-методикалық орайының бөлим баслығы Қ.Жубанов.

Оқыўлар жуўмақланғаннан соң қатнасыўшылар менен өз-ара сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилди ҳәм олардың усыныслары тыңланып, бүгинги күн талабынан келип шығып тийисли ўазыйпалар белгиленди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.