Хожели транспорт кәсип-өнер колледжинде OzLiDeP Қарақалпақстан Республикалық кеңеси тәрепинен район ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген мийнет ярмаркасы болып өтти.

Илажда OzLiDeP Қарақалпақстан Республикалық ҳәм районлық Кеңеслериниң жуўаплы хызметкерлери, халық депутатлары районлық Қеңестиң депутатлары, районлық бәнтликке көмеклесиў орайының, «Мәҳәлле» қоры районлық Кеңесиниң, жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекистан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов, район ҳәкиминиң орынбасары С.Асанов ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басшылығында қабыл етилген 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы, сондай-ақ, «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы талабын орынлаў шеңберинде кәсип-өнер колледжи питкериўшилери менен жәмлеспеген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 24-майдағы «Бәнтлик саласында мәмлекетлик сиясатты буннан былай да жетилистириў ҳәм мийнет уйымлары жумысының нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы мийнет базарын избе-из ҳәм турақлы раўажландырыў, халықтың бәнтлик дәрежесин арттырыў ҳәм мийнет ресурсларынан ақылға уғырас пайдаланыўға хызмет етеди.

Илажда район аймағында 36 мәкеме, кәрхана, шөлкем өзлериндеги 110 бос жумыс орны менен қатнасты. Усы күнниң өзинде 28 пуқараға, соның ишинде жоқары оқыў орны менен кәсип-өнер колледжиниң 4 питкериўшисине жумысқа орналасыў ушын жоллама берилди.

-Быйылғы жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистратура  бағдарының өзбек филологиясы қәнигелиги бойынша питкердим,-дейди ярмарка қатнасыўшыларынан бири Нигора Таджибаева.-Бүгинги илажға қатнасып, райондағы 71-санлы мектепке муғаллим болып қабылланатуғын болдым. Буннан жүдә қуўанышлыман.

Усы күни илаж қатнасыўшыларының көпшилигин жаслар қурады. Солардан бири Турғанбай Джаңабаев болып табылады. Ол райондағы Агроэкономика коллежджин питкерип, жумыссыз жүрген еди. Нәтийжеде райондағы 12-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине жоллама алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы